Оқыўшылар жеңимпаз болыўға еристи

Оқыўшылар жеңимпаз болыўға еристи

16.03.2020 22:27:47 | 279

Қараөзек районы Ҳәкимлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң басламасы менен улыўма орта билим бериў мектеплериниң 10-11-класс оқыўшылары арасында Республика кѳлеминде Қараѳзек районы «Ашық олимпиада»сы Районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 28-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып өтти. Ашық олимпидаға Республикамыздың 12 районынан 424 тен аслам оқыўшылар қатнасты. Олимпиада социал-гуманитар ҳәм тәбийий пәнлер бағдары бойынша […]

Бәҳәр маликасы таңлаўы 28-санлы мектепте болып өтти

16.03.2020 22:26:48 | 265

Бәҳәр маликасы таңлаӯы 28-санлы мектепте болып өтти Халық -аралық ҳаял қызлар байрамы, сондай- ақ жақынласып киятырған  Наӯрыз байрамына бағышланып оқыӯшылар арасында  жарыслар,көрик таңлаӯлар өткерилмекте. Жақында «Қостерек » аӯыл пуқаралар жыйыны аймағындағы  28-санлы улыӯма билим бериӯ мектебинде,  «Бәҳәр маликасы» таңлаӯы   болып өтти.Тийкарғысы таңлаӯға қызлар қызығып жақсы таялық көрип өзлериниң бар қәбилетин көрсетти.  

Әҳмийетли илаж болып өтти

16.03.2020 22:25:49 | 274

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Шымбай районлық Кеңеси ҳәмде 13-санлы А.Қаниязов сайлаỷ округи депутаты М.Жаксымов бенен биргеликте  20-санлы мектепте партияның тийкарғы мақсет ҳәм ỷазыйпаларының бири  «Пуқаралардың ҳуқықый ҳәм сиясий мәдениятын асырыỷ» атамасында илаж болып өтти.Илажға мектептеги партия ағзалар ҳәм оқытыỷшылар катнасты.Илаж соңында партия жумысларында белсендилик көрсетип киятырған партия ағзаларына партияның естелик саỷғалары тапсырылды ҳәмде партия […]

Өзимиздиң ҳәм жақынларымыздың денсаўлығына итибарлы болайық!

16.03.2020 21:05:54 | 241

Соңғы мағлыўматларға қарағанда Дүнья жүзинде тийкарынан Қытай, Қубла Корея, Япония, Иран ҳәм Италия сыяқлы 100 ден артық мәмлекетлерде коронавирус инфекциясы кең тарқалғанлығы гүзетилмекте. 2020-жылдың 16-март күнги мағлыўматларға қарағанда, Дуньяда коронавирус кеселлиги менен 163611 адам кеселленгени, 6472 адам кеселлик ақыбетинде набыт болған ҳәм де кеселликтен 76059 адам саўалған. COVID-19 инфекциясы бойынша жүзеге келген бундай жағдай усы […]

Исбилерменлердиң мүрəжаты турақлы дыққат-итибарда

16.03.2020 20:13:59 | 255

Қанлыкөл районындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасында, ҳәкимлик ўәкиллери, исбилерменликке көмеклесиў орайы, инвестициялар ҳәм саўда, әдиллик бөлимлери, салық инспекциясы, қурылыс, мәмлекетлик кадастр, банк ҳәм басқа да шөлкемлердиң аймақлық уйымларынан ибарат исши топар тастыйықланған. Исши топар шөлкемлестириўден мақсет: исбилерменлик субъектлериниң, соннан, шет ел инвесторларының ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине әмел етилиўин тәмийинлеў; исбилерменликти […]

Наўрыз байрамының тарийхын билесиз бе?

16.03.2020 20:12:51 | 239

Наўрыз байрамының пайда болыўы туўралы ерте ҳәм орта әсирлердеги бир қатар илимпазлардың бақлаўлары бизге шекем келген баҳалы мағлыўматлар қатарынан орын алады. Олардың пикирлеўинше Наўрыз байрамының түп дәреклери тиккелей жер планетасының қуяшты айланып шығыў ўақты менен байланыслы болып, тәбияттың ояныў, жаңаланыў дәўири болған ҳамал айындағы күн менен түнниң теңлесиўи тийкарғы әҳмийетке ийе болған ҳәм сол күнди […]

2020-жылға Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы мәмлекетлик көшпес мүлклерден пайдаланыўда ижара төлемлериниң ең кем ставкасын тастыйықлаў ҳаққында

16.03.2020 20:10:41 | 372

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарары Өзбекстан Республикасының «Ижара ҳаққында»ғы Нызамы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2009-жыл 8-апрелдеги «Мәмлекет мүлкин ижараға бериў тәртибин жеделлестириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы 102-санлы қарары талаплары тийкарында, республика аймағындағы бос турған имәрат-қурылмалардан мақсетли пайдаланыў, оларға болған мүтәжди толық тәмийинлеў ҳәм де күтилип атырған қәрежетлер менен кәрхана, мекеме ҳәм шөлкемлердиң ижара төлеминен түсетуғын пайдаларды тәртипке салыў […]

14-15-март күнлери улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги болып өтеди

14.03.2020 20:24:48 | 341

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң бийлигине муўапық, усы жылдың 14-15-март күнлери елимиз бойлап «Абат журт» улыўма халықлық абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў қайырқомлық шембилиги өткериледи. Барлық ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимликлери улыўма халықлық шембилиги өткерилетуғын күнлери өз аймақларында терек ҳәм гүл нәллерин егип, бағ ҳәм гүлзарлар жаратыў, мәҳәллелер, билимлендириў мәкемелери, халық жасаў орынлары, көп этажлы имаратлар ҳәм қойымшылықларды […]

Foydali resurslar
Skip to content