1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен район ҳәкимлиги тәрепинен Хожели районындағы 1-санлы Мехрийбанлық үйине байрам саӯғалары тапсырылды

1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен район ҳәкимлиги тәрепинен Хожели районындағы 1-санлы Мехрийбанлық үйине байрам саӯғалары тапсырылды

02.06.2021 10:17:44 573 Баспаға шығарыў

1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен район ҳәкимлиги тәрепинен Хожели районындағы 1-санлы Мехрийбанлық үйине байрам саӯғалары тапсырылды.
Атап айтқанда Хожели районында жайласқан Меҳрибанлық үйинде тәрбияланып атырған балаларға байрам кейпиятын үлесиў мақсетинде түрли саўғалар берилди. Бул балалардың көзлериндеги қуўанышты көрип ҳәр қандай инсанда өмирге, жасаўға, перзентлеримиздиң бахытлы балалығы ушын талпыныў, жуўапкершилик сыяқлы сезимлерди пайда етеди.
1-санлы Балалар меҳрибанлық үйи директоры Светлана Михайловна Шымбай районы ҳәкимлиги тәрепинен балаларға берилген ғамқорлық ҳәм итибар ушын өзиниң терең миннетдаршылығын билдирди.
Халықаралық балаларды қорғаў күни менен исенсе арзыйтуғын, сүйенсе таў болатуғын, жәҳән аренасында мәмлекетимиз абыройы ушын өзиниң билими, интеллектуал қәбилети менен гүресе алатуғын перзентлер болып камалға келиўине тилеклеслик билдире отырып, район ҳәкимлиги барлық балаларды байрам менен қутлықлайды.

Paydalı resurslar
Skip to content