Әҳмийетли ӯшырасыӯ болып өтти

Әҳмийетли ӯшырасыӯ болып өтти

11.11.2020 09:12:29 630 Баспаға шығарыў

Бүгинги күнде мәмлекетимизде жас әўладты бәркамал қылып тәрбиялаў, олардың өмирге жеке қәдем қойыўлары ушын барлық зәрүр шәрайытларды жаратыўға қаратылған системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Соңғы жылларда жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатының ҳуқуқый тийкарларын беккемлеў мақсетинде «Жасларға тийисли мәмлекетлик сиясаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл  етилди.

Усы тийкарда жасларды киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликке қызықтырыў, заманагөй кәсип-өнерлер, санлы экономика көнликпелерин пуқта ийелеўлери ушын қосымша шәрт-шарайытлар жаратыў, оларды жумыс пенен тәмийинлеўге көмеклесиў мақсетинде район аймағындағы секторлар тәрепинен бир қатар унамлы жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда усы жылдың  Шымбай районы 2-сектор тәрепинен “Тазғара” аўыл пуқаралар жыйынында район прокротурасы, Өзбекстан Республикасының Шымбай районындағы Халық қабыллаӯханасы, Ишки ислер бөлими,  Жаслар ислери агентлиги Шымбай районлық бөлими ҳәмде тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлер қатнасында аймақтағы белсенди ҳәм жәмлеспеген жаслар менен ушрасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыў даўамында жаслардың машқала, усыныс ҳәм пикирлери тыңланды.Ушырасыў даўамында 3 жастың машқаласы өз орнында шешилди.

5 жастың машқалаларының шешими бойынша анық мүддетлери белгиленип тийисли мәкеме ҳәм шөлкем баслықларына тапсырмалар берилип ҳәм орынланыўы қадағалаўға  алынды.

 

Foydali resurslar
Skip to content