Банкротлық ислеринде келисим питимин дүзиў тәртиби

Банкротлық ислеринде келисим питимин дүзиў тәртиби

30.10.2020 14:51:24 580 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
131-статьясына муўапық, тәреплер келип шыққан даўды келисим питимин яки медиатив келисимин дүзиў арқалы шешиўи мүмкин.

Тәреплер келисим питимин экономикалық суд ислерин жүритиўдиң ҳәр қандай басқышында ҳәм суд ҳүжжетин орынлаў даўамында, медиатив келисим болса биринши инстанция судында болса суд ҳүжжетин қабыл қылыў ушын мәслаҳатханаға шыққанға шекем дүзиўи мүмкин.

Банкротлық ҳаққындағы ислер бойыншада экономикалық суд тәрепинен банкротлық  хаққындағы исти көрип шығыўдың ҳәр қандай басқышында қарыздар ҳәм кредиторлар келисим питимин дүзиўге ҳақлы.

Өзбекстан Республикасының «Банкротлық ҳаққында»ғы Нызамының 8-бабы банкротлық ҳаққындағы ислерде келисим питимин дүзиўге бағышланған.

Айтып өтиў керек, банкротлыққа байланыслы ислерди көриўде келисим питимин дүзиў Экономикалық процессуал кодексинде белгиленген тәртиплерден бир қатар өзгешиликлери менен айырылып турады. Мәселен, «Банкротлық ҳаққында»ғы Нызамның 145-статьясына муўапық, келисим питимин дүзиў ҳаққындағы қарарды кредиторлар жыйналысы қабыл қылады. Кредиторлар жыйналысының келисим питимин дүзиў ҳаққындағы қарары кредиторлар улыўма санының көпшилик даўысы менен қабыл қылынады ҳәм қарар, егер қарыздардың гиреў менен тәмийинленген мал-мүлки мәжбуриятлары бойынша барлық кредиторлар оны жақлап даўыс берген болса, қабыл қылынған деп есапланады.

Келисим питимин дүзиў ҳаққындағы қарар қарыздар атынан тийислилигинше қарыздар-жеке тәртиптеги исбилермен яки  жеке тәртиптеги исбилермен статусын жойтқан физикалық шахс тәрепинен, қарыздар юридикалық шахс болғанда болса оның баслығы, сыртқы басқарыўшы ямаса сапластырыў басқарыўшысы тәрепинен қабыл қылынады.

Келисим питиминде нәзерде тутылған ҳуқық ҳәм мәжбүриятларды өз жуўапкершилигине алатуғын үшинши шахслардың келисим питимин дүзиўде қатнасыўына жол қойылады.

Бақлаў ҳәм суд санациясы даўамында келисим питимин дүзиў ҳаққындағы қарарды оның баслығы, баслық өз ўазыйпасын атқарыўдан шетлестирилген жағдайда суд басқарыўшысы қабыл қылады.

Егер келисим питими қарыздар ушын нызам ҳүжжетлерине яки шөлкемлестириў ҳүжжетлерине муўапық қарыздардың басқарыў органларының қарары (мақуллаўы) тийкарында дүзилетуғын питим есапланса, қарыздардың атынан келисим питимин дүзиў ҳаққындағы  қарар тийисли қарардан (мақуллаўдан) кейин қабыл қылыныўы мүмкин. Сыртқы басқарыў ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүргизиў процедураларында келисим питимин дүзиўде бундай қарар (мақуллаў) талап қылынбайды.

Келисим питими жазба түрде дүзиледи. Тәреплердиң келисим питимин жазба түрде рәсмийлестириўи процессуал нызам талабы есапланады.

Келисим питимине қарыздардың атынан тийислилигинше қарыздар- жеке тәртиптеги исбилермен яки жеке тәртиптеги исбилермен статусын жойтқан физикалық шахс, қарыздардың баслығы яки суд басқарыўшысы имза қояды.           Кредиторлар атынан дүзилген келисим питимине кредиторлар жыйналысы тәрепинен ўәкиллик берилген шахстың өзи имза қояды. Егер келисим питиминде үшинши шахслар қатнасып атырған болса, олардың атынан келисим питимине усы шахслардың өзи яки олардың ўәкиллери қол қояды.

Келисим питими экономикалық суд тәрепинен тастыйықланып, бул ҳаққында уйғарыў шығарылады, уйғарыўда банкротлық ҳаққында ис өндиристен қысқартылыўы көрсетиледи. Егер келисим питими сапластырыўға байланыслы ис жүргизиў даўамында дүзилген болса, экономикалық суд келисим питимин тастыйықлаў ҳаққында уйғарыў шығарады, онда қарыздарды банкрот деп табыў ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүргизиўди баслаў ҳаққындағы қарардың орынланбаслығы көрсетиледи.

Келисим питимин дүзиўди жақлап даўыс берген кредиторлар, қарыздардың шөлкемлестириўшилери (қатнасыўшылары) яки қарыздар мал-мүлкиниң ийеси келисим питимин дүзиўге қарсы даўыс берген ямаса даўыс бериўде қатнаспаған кредиторлар алдында қарыздардың пул мәжбүриятларын ҳәм (яки) мәжбүрий төлемлер бойынша мәжбүриятын орынлаўға ҳақылы. Бундай жағдайда кредитор қарыздар ушын усынылған орынлаўды қабыл қылыўы шәрт, қарыздардың мәжбүриятларын орынлаған шахсқа кредитордың мәжбүрият бойынша ҳуқықлары өтеди.

Үшинши шахслар келисим питими бойынша қарыздар тәрепинен пул мәжбүриятларының қанаатландырылыўы ҳәм (яки) мәжбүрий төлемлер бойынша мәжбүриятының орынланыўына кепиллик бериўге ямаса оның орынланыўын басқаша түрде тәмийинлеўге ҳақылы.

Егер келисим питиминиң шәрти қарыздардың мал-мүлкин үшинши шахс пайдасына өткериўден ибарат болса, питим  усы мал-мүлк кредиторлардың талаплары тек үшинши шахс тәрепинен қанаатландырылыўын тәмийинлеўши гиреўге берилген жағдайда дүзилиўи мүмкин.

Банкротлық ислеринде келисим питиминиң шәртлери сыпатында төмендегилерди көрсетиў мүмкин:

-пул мәжбуриятларын төлеўди кешиктириў яки оны бөлип-бөлип төлеў;

-қарыздардың талап етиў ҳуқықынан басқаның пайдасына ўаз кешиў ҳаққындағы шәртлер;

-нызам ҳүжжетлерине муўапық мәжбүрий төлемлерди төлеў мүддетлери ҳәм тәртибин өзгертиў ҳаққындағы шәртлер;

-кредиторлардың талапларын нызам ҳүжжетлерине қайшы болмаған басқа усыллар менен қанаатландырыў ҳаққындағы шәртлер.

Қарыздар, сыртқы басқарыўшы яки сапластырыў басқарыўшысы келисим питимине қол қойылған пайыттан баслап бес күн ишинде экономикалық судқа келисим питими дүзилгенлигин тастыйықлаўшы арза менен муражат етиўи керек.

«Банкротлық ҳаққында»ғы Нызамның  149-статьясында келисим питимин экономикалық суды тәрепинен тастыйықлаў шәртлери белгиленген. Келисим питимин тастыйықлаў ҳаққындағы арзаға төмендегилер қосымша қылыныўы лазым:

-келисим питими;

-келисим питимин дүзиў ҳаққында қарар қабыл қылған кредиторлар жыйналысының баянламасы;

– «Банкротлық ҳаққында»ғы Нызамның 149-статьясының биринши бөлиминде көрсетилген қәрежетлер қапланғанлығы ҳәм талаплар қанаатландырылғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер;

– келисим питимин дүзиў ҳаққындағы мәселе бойынша даўыс бериўде қатнаспаған яки келисим питимин дүзиўге қарсы даўыс берген кредиторлардың жазба қарсылықлары.

Нызам ҳүжжетлерине муўапық арзаға басқа ҳүжжетлер де қосымша қылыныўы мүмкин.

Экономикалық судына тапсырылған келисим питимин тастыйықлаў ҳаққындағы арзаға тийкар суд тәреплерди келисим питими көрип шығылатуғын сәне ҳаққында хабардар қылады. Тәреплердиң суд мәжлисине келмегенлиги банкротлық ҳаққындағы исти көриўге тосқынлық қылмайды.

Келисим питимин дүзиў тәртиби, үшинши шахслардың ҳуқықлары бузылған ямаса келисим питиминиң шәртлери нызамшылыққа қайшыболса, суд бул келисим питимди тастыйықламайды.

Бақлаў,  суд санацияси, сыртқы басқарыў ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүргизиў даўамында экономикалық суд тәрепинен келисим питиминиң тастыйықланыўы банкротлық туўрысындағы ис жүргизиўдиң қысқартылыўына тийкар болады.

Келисим питими қарыздар, кредиторлар, сондай-ақ келисим питиминде қатнасып атырған үшинши шахслар ушын экономикалық суд тастыйықлаған күннен баслап күшке киреди ҳәм олар ушын мәжбүрий  есапланады. Күшке кирген келисим питимин орынлаўдан бир тәреплеме бас тартыўға жол қойылмайды.

 

Шымбай районлар аралық

экономикалық суды судьясы:                                         Н.Балтабаева

Foydali resurslar
Skip to content