Суд қарарлары орынланыўы менен ǝҳмийетли

Суд қарарлары орынланыўы менен ǝҳмийетли

20.10.2020 10:21:16 577 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Конституциясыныӊ 44-статьясына муўапық, ҳǝр бир шахсқа өз ҳуқық ҳǝм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мǝмлекетлик уйымлар, лаўазымлы шахслар, жǝмийетлик бирлеспелердиӊ нызамсыз ҳǝрекетлери үстинен судқа шағым етиў ҳуқықы кепилленеди.

Өзбекстан Республикасыныӊ “Судлар ҳақкында”ғы Нызамыныӊ
3-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасында ǝдил судлаў тек ғана суд тǝрепинен ǝмелге асырылады.

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниӊ
2-статьясына муўапық, экономикалық суд ислерин жүритиў ўазыйпалары, экономика саласында кǝрханалар, мǝкемелер, шөлкемлер ҳǝм пуқаралардыӊ бузылған яки тартысып атырған ҳуқықларын ямаса нызам менен қорғалатуғын мǝплерин қорғаў, экономика саласында нызамлылықты беккемлеў ҳǝм ҳуқықбузарлықлардыӊ алдын алыўға көмеклесиў, нызамға ҳǝм судқа қарата ҳүрметте болыў мүнǝсебетин қǝлиплестириўден ибарат.

Усы Кодекстиӊ 15-статьясына муўапық,нызамлы күшине кирген суд ҳүжжетлери барлық мǝмлекетлик уйымлар, пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары, басқа уйымлар, жǝмийетлик бирлеспелер, кǝрханалар, мǝкемелер, шөлкемлер, лаўазымлы шахслар ҳǝм пуқаралар ушын мǝжбүрий есапланады ҳǝмде бул ҳүжжетлер Өзбекстан Республикасыныӊ барлық аймағында орынланыўы лазым. Суд ҳүжжетлерин орынламаслық усы Кодексте ҳǝм басқа нызамларда белгиленген жуўапкершиликке себеп болады.

Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары тǝрепинен суд қарарларыныӊ орынланыўын тǝмийинлеў мақсетинде өз ўақтында орынлаў ҳүжжетлерин орынлаўға қаратыў, орынлаў ҳүжжетлериниӊ орынланыўы жағдайын анализлеў, орынланыў жағдайлары бойынша салыстырмалы дǝлалатнамалар дүзиў, орынланбаған орынлаў ҳүжжетлери бойынша тийисли тǝртипте усыныслар киритиў сыяқлы жумыслар турақлы түрде ǝмелге асырылып келинбекте.

Нǝтийжеде, Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары тǝрепинен 2020-жылдыӊ 9 айы даўамында суд қарарлары бойынша жǝми 6.580 орынлаў ҳүжжетлери орынлаўға қаратылған болып, соннан 45.403.507.632 сўмлық 3.304 орынлаў ҳүжжетиниӊ яғный 50,2 пайыз орынлаў ҳүжжетиниӊ орынланыўы тǝмийинленди.

Суд ǝмелиятынан мысал келтиретуғын болсақ (мысалдағы кǝрхана аты ҳǝм айырым сǝнелер өзгертилген): Даўагер “U” жуўапкершилиги шекленген жǝмийети экономикалық судқа даўа арза менен мүрǝжат етип, жуўапкер “J” жуўапкершилиги шекленген жǝмийетинен 87.000.000 сўм тийкарғы қарызын ҳǝм 26.430.000 сўм жǝрийма өндириўди сораған.

Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2019-жыл 30-октябрь күнги ҳал қылыў қарары менен даўа арза қысман қанаатландырылып, “J” жуўапкершилиги шекленген жǝмийетинен “U” жуўапкершилиги шекленген жǝмийетиниң пайдасына 87.000.000 сўм тийкарғы қарыз, 7.929.000 сўм жәрийма өндириў белгиленген, даўаның жәрийма бойынша қалған бөлими қанаатландырыўсыз қалдырылған.

Ҳал қылыў қарарына наразы болып жуўапкер “J”  жуўапкершилиги шекленген жǝмийети кассациялық арза берген.

Қарақалпақстан Республикасы экономикалық суды кассация инстанциясыныӊ 2020-жыл 14-январь күнги қарары менен биринши инстанция судыныӊ ҳал қылыў қарары өзгериссиз, кассациялық арза қанаатландырыўсыз қалдырылған.

Себеби, судта анықланған жағдайларға қарағанда, даўагер “U” жуўапкершилиги шекленген жǝмийети (кейинги орынларда – даўагер деп жүритиледи) менен жуўапкер “J” жуўапкершилиги шекленген жǝмийети (кейинги орынларда – жуўапкер деп жүритиледи) орталарында 2018-жыл
23-ноябрь күни газеталарды 2019-жыл жазылыў мәўсими бойынша тапсырыў (жеткерип) бериў ҳаққындағы 03-санлы шәртнама дүзилген. Шәртнаманың 1.1-бәндине муўапық, бир дана газетаның жыллық баҳасы 180.000 сўм муғдарында белгиленген. Сондай-ақ, шәртнаманың 3.1-бәндине муўапық, жуўапкер 2018-жыл 25-декабрь күнине шекем рәсмийлестирилген жазылыў пулларыныӊ 80 пайызын 2018-жыл 31-декабрь күнине шекем өткериўи, қалған 20 пайызын кейинги айдың 25-сәнесине шекем өткериўи, шǝртнаманыӊ 2.6-бǝндине тийкар жуўапкер кейинги айлар ушын ҳǝр айдыӊ 25-сǝнесине шекем буйыртпа бериў, буйыртпа пулларын кейинги айдыӊ
25-сǝнесине шекем төлеўи тийис болған.

Жуўапкер тǝрепинен 2018-жылдыӊ 25-декабрине шекем 6.730 дана 100.950.000 сўмлық газеталарға, 2019-жылдыӊ январь айында 318 дана 4.770.000 сўмлық газеталарға буйыртпа берилген ҳәм даўагерге 2019-жыл              04-апрель күни 18.720.000 сўм төлем ǝмелге асырылған.

Даўагер тǝрепинен жуўапкерге 2019-жыл 30-август күнги 32-санлы хат пенен қарыздарлықты төлеў ҳаққында талапнама берилген. Лекин, жуўапкер тǝрепинен 87.000.000 сўм тийкарғы қарыздарлық төленбестен өз миннетлемелери лазым дǝрежеде орынланбастан, қарыздарлығын төлеў мүддетлери кешиктирилип келинген.

Сонлықтан, судлаў қурамы биринши инстанция суды нызам нормаларынан келип шығып, даўагердиӊ тийкарғы қарызды өндириў талабын қанаатландырыў, жуўапкердиӊ мүлкий аўҳалын ҳǝм кредитор мǝплерин итибарға алып, жǝрийма муғдарын нызамда белгиленген тǝртипте кемейтирген ҳалда өндириў ҳаққында дурыс жуўмаққа келген деп есаплап,  биринши инстанция судыныӊ ҳал қылыў қарарын өзгериссиз, кассациялық арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапқан.

Усы қабыл етилген суд қарары менен даўагердиӊ бузылған ҳуқықлары суд арқалы тикленип, нызамда белгиленген мүддетте суд қарары менен белгиленген қарыздарлық жуўапкерден даўагер пайдасына өндирилиўи яғный суд қарарыныӊ орынланыўы толық тǝмийинленди.

Жуўмақластырып айтатуғын болсақ, экономикалық судлар тǝрепинен экономикалық суд ислеринде ҳуқықлары бузылған шахслардыӊ суд арқалы ҳуқықларыныӊ тиклениўи тǝмийинленбекте. Өйткени, суд қарарлары – олардыӊ орынланыўы менен ǝҳмийетли есапланады.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы

экономикалық суды судьясы                                 С.Б.Ниязов

Foydali resurslar
Skip to content