Судларда болатуғын өзгерислер

Судларда болатуғын өзгерислер

07.09.2020 15:28:24 325 Баспаға шығарыў

Есиңизде болса Өзбектсан Республикасы Президенти тәрепинен
2020-жыл 24-июль күни ПП-6034-санлы “Судлардың жумысын жәнеде жетилистириӯ ҳәм әдил судлаӯ нәтийжелилигин асырыӯға қаратылған қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы Пәрманы имзаланған еди.

Усы Пәрманның орынланыӯын тәмийнлеӯ мақсетинде 2020-жыл
3-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-4818-санлы “Суд хәкимияты уйымларының жумысын санластырыӯ ис-иләжлары ҳаққында”ғы Қарары қабыл етилди.

Бул қарар бойынша пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине көрсетилетуғын интерактив электрон хызметлер түрлерин кеңейтиӯ, ҳәр бир мүрәжаатты көрип шығыӯ процессиниң онлайн бақлап барылыӯын тәмийнлеӯ, суд имаратларында инетрактив хызметлерден еркин пайдаланыӯ имканиятын жаратыӯ, судларда әдил судлаӯды әмелге асырыӯ ушын зәрүр болған мағлыӯматлардың оператив түрде алыныӯын тәмийнлеӯ ушын министрликлер, мекемелер ҳәм басқада шөлкемлер менен электрон мағлыӯматлар алмасыӯын жәнеде кеңейтиӯ, арнаӯлы мәлимлеме бағдарламаларын енгизиӯ арқалы судьялар жәмийети уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийнлеӯ, суд мәжилислеринде аралықтан турып, мобиль қурылмалар ҳәм электрон бирге ислесиӯдиң басқада түрлери арқалы қатнасыӯ имканиятын кеңейтиӯ, сондай-ақ, ис бойынша тәреплер ушын суд қарарларын онлайн түрде алыӯ имканиятын жаратыӯ ҳамде судтың мәлимлеме системалары, мағлыӯматлар базалары ҳәм басқада программалық өнимлери информация ҳәм киберқәӯипсизликти тәмийнлеӯ, хызмет мәлимлемелери ҳәм мағлыӯматларын комплексли қорғаӯ бойынша иләжларды күшейттириӯ ҳәққында ӯазыйпалар белгиленип берилди.

Сондай-ақ, усы қарар менен 2020-2023-жыллары суд хәкимияты уйымларының жумысын санластырыӯ бағдарламасы тастыйықланып, бағдарламада тийкарынан 2021-жыл 1-январь күнинен баслап барлық судларда суд мәжилислерин ис бойынша тәреплердиң илтимасы ҳәм басшылық етиӯшиниң келисими менен аудио жазыӯдан пайдаланған ҳалда жазып барыӯ және суд мәжилислериниң билдириӯлерин усы системадан пайдаланған халда қәлиплестириӯ, 2021-жыл 1-июль күнинен баслап апелляция ҳәм кассация инстанциясы судларында ислерди судьялар арасында автоматластырылған түрде бөлистириӯ, 2021-жыл 1-октябрь күнинен баслап барлық суд мәжилислериниң көрилиӯ ӯақты ҳәм орны ҳаққында “SMS” хабар арқалы бийпул тийкарда хабардар етиӯ, 2022-жыл

1-январь күнинен суд қарарларын ис бойынша тәреплерге онлайн түрде, олардың илтимасы бойынша болса қағаз түринде бериӯ, 2020-жыл 1-июль күнине суд хәкимияты уйымының жумысында, соның ишинде, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине әдил судлаӯға ерисиӯде қолайлық жаратыӯ мақсетинде 10 ға шамалас интерактив хызметлер көрсетиӯди жолға қойыӯ, 2023-жыл 1-январь күнинен баслап суд жумысларын мәмлекетлик архивке электрон түрде тапсырыӯ ҳәм қабыл етиӯ ҳәмде судлар, Судьялар жоқары кеңеси және Судьялар жоқары мектебинде мәлимлеме-коммуникация технологияларының инфраструктурасын жәнеде жақсылаӯ белгиленди.

 

 

Шымбай районлар аралық

экономикалық судының баслығы                         З.Д.Бердимуратов

Foydali resurslar
Skip to content