Шымбай районы ҳәкимлиги мәжлислер залында район сектор баслықларының әмелге асырған жумыслары бойынша пресс – конференция болып өтти.Пресс – конференцияға район сектор баслықлары, тийисли мекеме шөлкем басшылары ҳәм район журналистлери қатнасты.Сектор баслықлары алып барылған жумыслар, жетискенликлер, соның менен бирге қәте-кемшиликлерге тоқтап өтти. Сондай-ақ, ендиги алып барылатуғын жумыслар бойынша қысқаша түсиник берип өтти.
Шымбай районлық Мәденият сарайында Республикалық «Жас бақсы-жыраўлар» таңлаўы болып өтпекте. Таңлаўдың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары И.Абдикаликов, Шымбай районы ҳәкими орынбасары А.Сулайманов, нураный устаз Ө.Толыбаевлар сөзге шығып, таңлаў қатнасыўшыларына табыслар тиледи. Мағлыўмат ушын, бүгинги таңлаўға Республикамыздың қала,районларынан 80 нен аслам талантлы жаслар қатнаспақта.
Ҳаялларда ушырасатуғын жатыр мойны рагын ерте басқышта анықлаў ушын ВПЧ тести жойбары бойынша семинар- тренинги болып өтти. Жойбар тийкарында Қарақалпақстан Республикасында гинеколог, шаӊарақлық шыпакер, мийирбийкелер ҳәм 77 бирлемши медицина акушерлери 39 жастан 55 жасқа шекемги болған елиу мыӊ ҳаяллар арасында жатыр мойны рагы өзгериўиниӊ дәслепки басқышларын анықлаў ушын оқытылады. Тренингди Өзбекстан Республикасы ДСС Министрлигиниӊ Республикалық […]
Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы академиялық лицейинде 2020-2021-оқыў жылы питкериўшилерине «Диплом тапсырыў» кешеси болып өтти. Илажға район ҳәкими А.Тажетдинов, Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы професионал билимлендириў мекемелери менен ислесиў бөлими баслығы И.Аўезовлар қатнасып питкериўшилерге өзлериниң тилеклерин билдирди. 2020-2021-оқыў жылында 4 бағдар Анық пәнлер бағдарын 48 оқыўшы, Тәбийий пәнлер бағдарын 26 оқыўшы, Социал-гуманитар пәнлер […]
1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен район ҳәкимлиги тәрепинен Хожели районындағы 1-санлы Мехрийбанлық үйине байрам саӯғалары тапсырылды. Атап айтқанда Хожели районында жайласқан Меҳрибанлық үйинде тәрбияланып атырған балаларға байрам кейпиятын үлесиў мақсетинде түрли саўғалар берилди. Бул балалардың көзлериндеги қуўанышты көрип ҳәр қандай инсанда өмирге, жасаўға, перзентлеримиздиң бахытлы балалығы ушын талпыныў, жуўапкершилик сыяқлы сезимлерди пайда […]