Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған реформалардың барысы, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 12-13-март күнлери Хорезм ўәлаятында болды. Сапардың екинши күни мәмлекетимиз басшысы Үргенш қаласында Хорезм ўәлаяты ҳәм районлар ҳәкимлери, жергиликли кеңеслердиң депутатлары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, исбилерменлер, зиялылардың қатнасыўында мәжилис өткерилди. Халқымыздың турмысын буннан […]
Үргенш ғаласында болып өтип атырған мәжилисте Президент Шавкат Мирзиёев Хорезм ўәлаятын раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларын көрсетип өтти. Жақын үш жылда улыўма баҳасы 24 триллион сумлық 2 мың 736 инвестициялық жойбар әмелге асырылып, 50 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылыўы режелестирилген. Хазараспдағы автомобиль заводында «Дамас» ҳәм «Лабо» микровэнлерин ислеп шығарыўдың жергиликлилестириў дәрежесин 65 процентке жеткериў (ҳәзир 27 […]
Президент Шавкат Мирзиёев Хорезм ўәлаяты белсендилери менен ушырасыўда автомобильлердиң баҳасы арттырылғанына өз мүнәсибетин билдирди. – Автосанаатымыздың басшылары машиналардың баҳасын арттырыўға қарар еткени адамлардың наразылығына себеп болды. Бул экономикалық жақтан керек шығар, бирақ ҳәзирги жағдайда дурыс емес. Биз халыққа жеңиллик жаратыўымыз лазым. Ҳәр бир қарарды жети мәрте емес, жетпис мәрте ойлаў зәрүр. Бәринен бурын халқымыздың сатып […]