Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығы кең түрде белгиленди

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығы кең түрде белгиленди

09.04.2025 11:24:45 | 115

Усы жылдың 9-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығына бағышланған байрам салтанаты өткерилди. Байрам салтанатында дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығы мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.  

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 32 жыл толыўы мүнәсибети менен Шымбай районында байрам салтанатлы түрде белгиленди

08.04.2025 15:08:06 | 127

1993-жыл 9-апрельде қабыл етилген Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы елимизде миллий нызамшылықтыӊ тийкары сыпатында пуқаралар еркинликлери ҳəм мəплери жолында хызмет етип келмекте. Жəмийетте əдиллик принциплерин орнатыўда əҳмийетли ҳүжжет саналған Конституциямыз — мəмлекетимизде жасаўшы ҳəр бир шахстың ҳуқықларын кепиллейди. Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген  күн сәне мүнәсибети менен районымызда байрам салтанатлы түрде өткерилди.Илажда район ҳәкиминиң орынбасары Р.Жумамуратов, […]

Шылпық қорғаны жанында ырғақлар жаңлады

07.04.2025 09:20:59 | 111

Арал мәденияты саммити шеңберинде ашық аспан астында яғный, әййемги Шылпық қорғаны жанында концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди. Концерт бағдарламасында көркем-өнер ҳәм мәденият хызметкерлери, жас талант ийелериниң атқарыўындағы қосықлар, шебер аяқ ойыншыларының әжайып шығыўлары тамашагөйлер нәзерине усынылды ҳәм жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырып, хош кейпият бөлисти.  

БМШ Раўажланыў бағдарламасы (UNDP) Администрациясы жәрдемшиси Ивана Живкович пенен ушырасыў өткерилди

06.04.2025 09:32:05 | 119

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына болған айрықша итибары нәтийжесинде өткерилип атырған Арал мәденияты саммити шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев БМШ Раўажланыў бағдарламасы (UNDP) Администрациясы жәрдемшиси, БМШ Раўажланыў бағдарламасының Европа ҳәм ҒМДА бойынша регионаллық бюросының директоры Ивана Живкович пенен ушырасты. Онда дәслеп елимизде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасы менен бирге ислесиў ҳәм халқымыздың турмыс […]

Бокс бойынша Жәҳән кубогынан Қарақалпақстанға сыйлы медаль алып келинетуғын болды

05.04.2025 09:29:12 | 149

1-5-апрель күнлери аралығында Бразилияда бокс бойынша Жәҳән кубоги беллесиўлери болып өтпекте. Кубог беллесиўлеринде Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасып атырған, 60 кг салмақ категориясында рингке шыққан Қарақалпақстанлы Мадияр Данияров ярым финалда Бразилиялы Луиз Оливейра үстинен жеңиске ерисип, сыйлы 3-орынды ийеледи ҳәм қола медаль ийесине айланды  

Қарақалпақстанда «Езгулик манзили» қайирқомлық акциясы өткериледи

04.04.2025 09:27:18 | 90

Балаларды қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен усы жылдың 7-11-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасында мүтәж, кем тәмийинленген, аўыр шараятқа түскен шаңарақлардағы наўқас балаларға консультатив ҳәм қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиў мақсетинде гезектеги «Езгулик манзили» қайырқомлық акциясы өткериледи. Еслетип өтемиз, барлық қаржылар Балаларды қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фондының қайырқомлық қаржылары есабынан әмелге асырылады. Бәршеңизди усы акцияда белсенди болыўға шақырамыз!  

Нөкис экомектеби оқыўшылары Айдос Қытайбеков ҳәм Назокат Қалназарова абырайлы халықаралық ЖООға қабыл етилди

03.04.2025 16:58:12 | 74

Айдос Қытайбеков «Браун» Университетинде билим алады. Бул билимлендириў мәкемеси – Американың 8 ең ески университетлерин өз ишине алған дүньядағы ең белгили университетлер бирлеспеси болған Печаклар Лигасы ағзасы болып есапланады. Айдос тийкарғы қәнигеликлер сыпатында: Қоршаған орталық ҳаққындағы илим ҳәм Инженерлик («Environmental Science & Engineering») ти таңлады. Назокат Қалназарова «Amherst College»ге оқыўға кирди, еки қәнигелик: Политология (Сиясаттаныў) […]

Спорт

03.04.2025 10:19:42 | 87

Спорттың “Белбеўли гүрес” түринен 2010-2011- жылы туўылған жас өспиримлер арасында Ташкент Ўәлаятының Шыршық қаласында Өзбекстан Республикасы чемпионаты болып өтти. Бул жарыста Шымбай районынан бес жас өспирим оқыўшы- жаслар қатнасып қайтты.17-санлы мектептиң 7-класс оқыўшысы Балтабаева Гулзийба 36 кг салмақта қатнасып, сыйлы II- орынды ийелеўге еристи.  

ЮНЕСКОның Париждеги бас резиденциясында Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм ЮНЕСКО арасындағы келисимге қол қойылыўына бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти. Самарқанд енди рәсмий түрде Бас конференцияның 43-сессиясы өткерилетуғын орын сыпатында белгиленди

02.04.2025 17:34:32 | 77

ЮНЕСКОның Париждеги бас резиденциясында Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм ЮНЕСКО арасындағы келисимге қол қойылыўына бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти. Самарқанд енди рәсмий түрде Бас конференцияның 43-сессиясы өткерилетуғын орын сыпатында белгиленди. Бул биз ушын үлкен мақтаныш ҳәм жуўапкершилик болып есапланады, өйткени соңғы 40 жыл даўамында бул конференция Парижден басқа жерде өткерилмеген. Бул дөретиўшилик индустрияның машақатлы мийнети, халық […]

Пайдалы ресурслар