Балаларды қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен усы жылдың 7-11-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасында мүтәж, кем тәмийинленген, аўыр шараятқа түскен шаңарақлардағы наўқас балаларға консультатив ҳәм қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиў мақсетинде гезектеги «Езгулик манзили» қайырқомлық акциясы өткериледи. Еслетип өтемиз, барлық қаржылар Балаларды қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фондының қайырқомлық қаржылары есабынан әмелге асырылады. Бәршеңизди усы акцияда белсенди болыўға шақырамыз!