ЮНЕСКОның Париждеги бас резиденциясында Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм ЮНЕСКО арасындағы келисимге қол қойылыўына бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти. Самарқанд енди рәсмий түрде Бас конференцияның 43-сессиясы өткерилетуғын орын сыпатында белгиленди. Бул биз ушын үлкен мақтаныш ҳәм жуўапкершилик болып есапланады, өйткени соңғы 40 жыл даўамында бул конференция Парижден басқа жерде өткерилмеген. Бул дөретиўшилик индустрияның машақатлы мийнети, халық […]