Шымбай районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында мәҳәлле баслығы сайлаўын өткериўши жумысшы топар баслықлары ушын оқыў семинары шөлкемлестирилди. Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Жергиликли ҳәкимияттыӊ ўәкилликли ҳәм пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм де мәмлекетлик уйымлардыӊ ашықлығын тәмийинлеў мәселелери комитети баслығы Ш.Өтемисов, жумысшы топар ўәкиллери, мәҳәлле белсендилери қатнасты. Семинарда мәҳәлле баслығы сайлаўын өткериў тәртиби, тийкарғы тәреплери, процессти […]
Қарақалпақстан Республикасында өткерилип атырған «Арал туризми» халықаралық ҳәптелиги шеңберинде бүгин Нөкис қаласында «Арал балықларынан 99 түрдеги тағамлар» халықаралық гастрономиялық фестивалы болып өтти. Фестивальда аймақлардың гастрономиялық туризм потенциалы кеңнен үгит-нәсиятланыўы белгиленген болып, онда көп миллетли елимизде жасаўшы барлық халық ҳәм миллет ўәкиллери ушын сүйикли болған тағамлар шебер аспаз ҳәм ҳәўескерлер тәрепинен таярланды. Иләжда жергиликли ҳәм сырт […]
Шымбай районында Мәҳәллелерде Сайхунабат тәжирийбеси бойынша медиа-тур болып өтти Бүгинги күнде районымызда 22 мәҳәллелер бар болып әпиӯайы халық шаӯашылық, дийқаншылық, бағшылық, өнерментшилик пенен шуғыланады.Сондай – ақ Шымбай районы Мәлимлеме хызмети ҳәм райондағы сиясий газета «Шымбай ҳаӯазы» газетасы журналистлери менен биргеликте «Темир жол гүзары» мәҳәллесине пресс-тур шөлкемлестирилди. “Темир жол гүзары” мәкан пуқаралар жыйынындағы Ережепов Рейим ағаны […]
Президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева Президент тәрепинен нызамшылыққа некеден ажыратыўда судлар тәрепинен тайынланатуғын «татыўластырыў дәўири»н бийкар етиўге байланыслы өзгерис киргизилгенине мүнәсибет билдирди. (https://t.me/SShMirziyoyeva/2801) Буны ҳаял-қызларды шаңарақтағы зорлықтан қорғаў, олардың ҳуқықларын ҳүрмет етиў жолындағы үлкен қәдем деп есаплайман. Егер шаңарақта инсан қәдири ҳүрмет етилмесе ҳәм ол физикалық, психологиялық ямаса экономикалық кемситиўлерге ушыраса, ол жерде келисимге келиў, жарасыў […]
Соңғы жылларда мәмлекетимизде мәденият ҳәм көркем-өнерге қаратылып атырған айрықша итибар себепли, тараўда бир қатар реформалар әмелге асырылып атырғаны бәршеге белигили. Усы тийкарда, 2020-жыл 26-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың “Өзбекстан Республикасында мәденият ҳәм көркем-өнер тараўын және де раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы Пәрманында,15-апрель сәнеси “Өзбекстан Республикасы мәденият ҳәм көркем-өнер хызметкерлери күни” етип белгиленди. Байрам мүнәсибети менен бүгин […]
Сизлерди бүгинги Мәденият ҳəм көркем өнер тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз. Ҳəр қандай халықтың мəденияты менен көркем өнерине деген ҳүрмет – бул сол халықтың өтмиш тарийхы, миллийлиги, үрп-əдет ҳəм дəстүрлерине болған ҳүрмет саналады. Сонлықтан да бүгинги байрам тамыры терең тарийхқа ийе көп миллетли халқымыздың, пүткил елимиздиң байрамы, десек алжаспаған боламыз. Мәденият ҳәм көркем […]
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўында ушырасып атырған машқалалар ҳәм оларды сапластырыў бойынша әмелий жумыслар алып барылыўы режелестирилмекте. Ҳүрметли пуқаралар❕ Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўына байланыслы мүрәжатларыңыз ямаса, хызмет көрсетиў сапасын жақсылаў бойынша пикир-усынысларыңызды қалдырыў ушын усы жылдың апрель айы даўамында Министрлер Кеңеси […]
Даулетов Клышбай Джаббарбергенович – Тахтакөпир районы ҳәкиминиң орынбасары-инвестициялар, санаат ҳәм саўда бөлими баслығы лаўазымына тайынланды. К.Даулетов тайынлаўға шекем Шымбай районы «Кеңес» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшиси лаўазымында ислеп келген.
Усы жылдың 9-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығына бағышланған байрам салтанаты өткерилди. Байрам салтанатында дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығы мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.
1993-жыл 9-апрельде қабыл етилген Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы елимизде миллий нызамшылықтыӊ тийкары сыпатында пуқаралар еркинликлери ҳəм мəплери жолында хызмет етип келмекте. Жəмийетте əдиллик принциплерин орнатыўда əҳмийетли ҳүжжет саналған Конституциямыз — мəмлекетимизде жасаўшы ҳəр бир шахстың ҳуқықларын кепиллейди. Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн сәне мүнәсибети менен районымызда байрам салтанатлы түрде өткерилди.Илажда район ҳәкиминиң орынбасары Р.Жумамуратов, […]