Бүгин Шымбай районы 40-санлы улыӯма билим бериӯ мектебинде район ҳәкиминиң орынбасары Г.Мамбетниязова, Миллий гвардия Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Шымбай районы балалар менен ислесиӯ бөлими инспектор психологлары ҳәм Медицина бирлеспеси хызметкерлери, сондай-ақ, үгит-нәсиятлаӯ топары баслығы менен биргеликте жоқары класс оқыӯшылары арасында «Ерте туӯыӯшылықтың алдын алыӯ, оқыӯшылардың сабаққа қатнасы, жәмийетимизде ҳәр қандай радикалласыўға, жасларымыздың санасына кери тәсир етиўши […]
Шымбай районында Медицина бирлеспесинде халыққа хызмет көрсетиӯ сапасы ҳәм бүгинги күнде алып барылып атырған жумысларға арналған ашық сәўбет ҳәм медиа-тур болып өтти. Шымбай районы медицина бирлеспеси мәжилислер залында шыпакерлер Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети баслығы Н.Толыбаева журналист ҳәм блогерлердиң қатнасыўында Медицина бирлеспесинде халыққа хызмет көрсетиӯ сапасы ҳәм бүгинги күнде алып барылып атырған жумыслар бойынша ашық […]
Ережепов Батыр Абдиреймович – Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы лаўазымына тайынланды. Б.Ережепов тайынлаўға шекем Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасында жуўапкершиликли лаўазымда ислеп келген.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Әмиўдәрья районында мәҳәллелердеги машқалаларды шешиў бойынша жумыслар менен танысты Жақында Әмиўдәрья районындағы ишки хожалық жолларын оңлаў ҳәм абаданластырыў бойынша кең көлемли илажлар басланған еди. Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев районда әмелге асырылып атырған жумысларды көзден өткерди.
Атап айтқанда: 1. “Қарақалпақстан Республикасында жойбарларды әмелге асырыў орайы” жойбарлаў офиси жумысы жолға қойылды. 2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Исбилерменликке көмеклесиў дирекциясы шөлкемлестирилди. Бул Дирекция Нөкис қаласы ҳәм районларда санаат объектлери ушын имарат қурыў, оларды ижараға бериў, сатыў ҳәм басқада әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырады. 3. Министрлер Кеңеси структурасында Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын (грантларды) тартыў […]
Шымбай районында қыс мәўсиминде айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша район аймағында шөлкемлестирилген арнаўлы штаб ағзалары ҳәм тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте азанғы тарқатыў илажы болып өтти. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлими баслығы, Республика исши топар ағзасы Б.Матмуратов сөзге шығып, гүз-қыс мәўсимин шығынсыз өткериў, көп қабатлы турақ-жайлардағы авариялық жағдайларды оператив түрде […]
Аӯыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклилестириў ҳаққында 728-санлы Өзбекстан Республикасы Нызамы кабыл етилген. Усы нызамның 12-статясында Меншиклестирилмейтуғын жер участкаларына көрсетип өтилген.Булар: Пайдалы қазылма кәнлери жайласқан жер участкалары; Тәбиятты қорғаў, саламатластырыў, рекреация мақсетлери ҳәм тарийхый-мәдений мақсетлер ушын арналған жерлер қурамына киретуғын жер участкалары; Нызамшылыққа муўапық меншиклестирилмейтуғын мәмлекетлик мүлк обектлери жайласқан жер участкалары; Қала қурылысы жумысын әмелге […]
Район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында сектор баслықлары қатнасыӯында әҳмийетли илаж болып өтти. Илажға районлық мектеп директорлары, районлық медицина бирлеспесиниң шыпакерлери ҳәм тараӯда жуӯапкерли қәнигелер қатнасты. Мәжилисти район ҳәкими А.Тажетдинов басқарып барды. Өткерилген мәжилис даўамында тараў хызметкерлери тәрепинен исленип атырған жумыслары бойынша есабатлары ҳәм алдағы ислениўи тийис болған режелери тыңланды. Сондай-ақ мәжилисте халықтың саламатлығы дǝрежесин арттырыў, аналар […]