–Ҳә қай балларсыз?-деди кѳзин қуяштан кѳлегейлеген нураный. ¬ – Ассалаўма алейкум, бизлер районлық «Шымбай ҳаўазы» газетасынан едик. Сиз ҳаққында жазыўға келдик, ата. – Ҳә бәрекелла, «Коммунизм нуры»нан ба? Ҳаў Пирленовписең? Ҳәй, қарағым-аў, бармысаң? Баяғыда әкең Қыдырбай Пирленов пенен де ислескен едик. Ол киси оғада айбатлы, ири геўдели, ѳз жумысына қатты жуўапкершилик пенен қарайтуғын қатты қол […]
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 33 жыллығы мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық әскерий тараў хызметкерлери, ветеранлар ҳәм пүткил халқымызды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Республикамызда 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 33 жыллығы кең түрде белгиленбекте. Бүгин пайтахтымыздағы «Ҳәсиретли ана» естелигине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Арқа-Батыс әскерий округи, ҳуқық қорғаў уйымлары, мийнет жәмәәтлери, оқыў орынлары, урыс ҳәм мийнет ветеранлары атынан гүл шеңберлери қойылды.