Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында Әмиўдәрья районында мәжилис өткерилип, аймақты ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм кең көлемли абаданластырыў жумысларын алып барыў, мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў ҳәм басқа да бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынған еди. Усы күнниң өзинде топырақ жолларды қум-щебень араласпалы жолларға айландырыў, кең көлемли абаданластырыў жумысларын алып барыў бағдарындағы әмелий жумыслар баслап жиберилди. Атап өтиў орынлы, усы […]
Жақында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан бойынша әмелге асырылған ең ири жойбарлардың бири болған халықаралық әҳмийетке ийе А-380 автомобиль жолының «Қоңырат-Бейнеў» арасындағы жаңадан курылған 240 километри халқымыз ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылған еди. Бүгин усы автомобиль жолы бойын көкилемзарластырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында 2025-жылғы сексеўил егиў мапазы баслап жиберилди.
Шымбай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм сектор баслықлары тийисли тараӯ басшылары ҳәм журналист ҳәм блогерлердиң қатнасыӯында районда азық-аӯқат қәӯипсизлиги мәселелери бойынша ашық сәӯбет болып өтти.
Баўыр тоқымаларының жарақатланыўы – гепатит деп аталады. Гепатит кеселлиги халық арасында «сары аўырыў кеселлиги» деп те аталады. Гепатиттиң А, В, С, D, Е түрлери бар, оларды вируслар шақырады. Балаларда тийкарынан гепатиттиң А түри көбрек ушырасады. Бул кеселлик саў балаға жуқаннан кейин кеселликтиң дәслепки белгилери орташа 35 күн өтип пайда болады. Кеселликтиң дәслепки белгилери пайда боламан […]
Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасында пуқаралардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешимин табыў бойынша республикалық исши топар дүзилди. Бүгин исши топар тәрепинен орынларда көшпели қабыллаўларды шөлкемлестириў, барлық буўындағы басшылардың пуқаралар машқалаларын шешиўдеги жуўапкершилигин еледе арттырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, сектор ҳәм тараў, барлық жергиликли мәкеме, шөлкем басшылары қатнасты. […]
Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси жанындағы Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў фонды тәрепинен 2025-жылы фермер хожалықларына мийўени қайта ислеў, сүт өнимлерин қайта ислеў, мийўе-палыз өнимлерин қурғатыў цехи, музлатқышлы қоймахана, ыссыхана, бағ, тутзарлар шөлкемлестириў мақсетинде жеңиллетилген кредит алыў ушын ресурс қаржылары ажыратылып баслады. Бунда, жеңиллетилген кредитти Агробанк, Халық банк […]
Шымбай районы сектор басшыларының 2024-жыл даўамында әмелге асырған жумыслары, сектор аймақларын комплекс социал-экономикалық раӯажландырыӯ бойынша есабаты, “Мәҳәллебай ислеӯ” тийкарында 2025-жылы әмелге асырылатуғын “Жол Картасы”н тастыйықлаў ҳәм жумыс нәтийжелигин және де асырыў мақсетинде оларға бириктирилген аймақлардың бөлистирилиўин қайта көрип шығыў ҳаққында. 2. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының 2024-жыл 29-ноябрь күнги КҚ-6-V-санлы карарының Шымбай районында Камбағаллықты қысқартырыў […]
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси басламасы менен Халық депутатлары районлық, қалалық Кеӊеслери депутатларына оқыў семинар өткериў белгиленген. Усы тийкарда Шымбай районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында районлық Кеңеске сайланған депутатлар ушын оқыў семинары шөлкемлестирилди. Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Комитет баслығы Ш. Өтемисов ҳәм сиясий партиялардың Қарақалпақстан Республикалық Кеңеслери баслықлары қатнасты. Семинарда баянатшылар тәрепинен депутатлық искерлигиниң нызамлылық тийкарлары […]
Бүгин социаллық тармақларда жәрияланған Шымбай районы «Дийқан базары»ындағы сын көз қарастағы видеодағы жағдайды район ҳәкимлиги тез пурсатта қадағлаӯға алып сапластырылатуғын илажлар көрилетуғлығын мәлим етип билдиремиз.
2024-жылдың январь-декабрь айларында Шымбай районында тийкарғы капиталға киритилген инвеститциялардың улыӯма көлеми миллий валютада 423,5 млрд суӯмды ямаса 2023-жылдың сәйкес дәӯирине салыстырғанда өсим пати 132,7 % ти қурады.