Районымыздағы пайызлы орынлардың биринде ден саўлық сақшыларының кәсиплик байрамы кең түрде белгиленди. Байрам салтанатына район ҳәкими А.Тажетдинов қатнасып, пидайы шыпакерлерди кәсиплик байрамы менен қутлықлап, оларға алдағы ийгиликли жумысларында тасқын табыслар тиледи. Илаж даўамында Медицина тараўында табыслы хызмет етип атырған бир қатар шыпакерлерге «Ҳүрмет жарлық»лар ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Экономика тармақларында жоқары өсим көрсеткишлерин тәмийинлеў. 2025-2029 жылларда санаатты раўажландырыў бағдарында. 2025-2029 жылларда санаатта 1756,2 млрд. сўм (107,8%), аўыл хожылығында 2583,3 млрд. сўм (103,4%), хызметлер тараўында 1316,4 млрд. сўм (113,5%) ҳǝм де қурылыс тараўында 331,8 млрд. сўмга (105,2%) жеткериў; ϴнимлер ҳǝм хызметлер базарын тең салмақлылығын сақлаў арқалы жыллық инфлиация дǝрежесин 9,5 пайыздан 7,9 пайызға кемейтиў. […]
Сессияға депутатлар, жәмийетшилик ўәкиллери, райондағы мәкеме басшылары район белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарларын дизимге алыў ҳаққында. Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң Регламенти ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы Нызамын тасыйықлаў ҳаққында. Шымбай районы ҳәкимин тайынлаў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң бийлигине тийкар районлық кеңес депутатлары […]