Бүгин район ҳәкими А.Тажетдиновтың жеке қабыллаӯы болып өтти. Қабыллаў даўамында коммуналлық хызмет бойынша ҳәмде жол машқаласы бойынша бәнтлик мәселелери бойынша мүрәжатлар үйренилди. Мүрәжатлар басым көпшилиги орынында унамлы шешим тапты.Ал мүддет күтилетуғын мүрәжатлар бойынша тараў басшыларына тапсырмалар берилип барлық мүрәжатлар район ҳәкими тәрепинен қадағалаўға алынды.
2024-жылдың январь-сентябрь айларында Шымбай районында экспорт көлеми 6796,2 мың АҚШ долларын яғный 2023-жылдың сәйкес дәӯирине салыстырғанда 130,6 % ти қурады ҳәм импорт көлеми 2799,4 мың АҚШ долларын 2023-жылдың сәйкес дәӯирине салыстырғанда 47,3 % ти қурады.
Усы жылдың январь-сентябрь айында район аймағында усақлап сатыў саўда товар айланысы 429,6 млрд суӯмды қурады ҳәм 2023-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 110 % өскен.
Шымбай районы статистика бөлими мағлыўматына көре, 2024- жылдың 1-октябрь жағдайына Шымбай районының демографиялық көрсеткишлери: Халық саны – 116266 адам; Ҳаяллар саны – 57239 адам Еркеклер саны – 59027 адам Қалалық жерлерде – 59596 адам Аўыллық жерлерде – 56670 адам.