Сессияға депутатлар, жәмийетшилик ўәкиллери, райондағы мәкеме басшылары район белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Халық депутатлары Шымбай районлық Кеӊесиниӊ шақырық екинши сессиясы район ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында болып өтти. Сессия күн тәртибинде жергиликли Кеӊести шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды. Депутатлар дәслеп Халық депутатлары Шымбай районлық Кеӊеси баслығын тастыйықлаў мәселесин қарап шығып, сиясий партиялар депутатлық топарлары усынысы […]
Бүгин еки тәреплеме бирге ислесиўлерди кеңейтиў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириў бойынша Қубла Корея мәмлекетинде биринши «Корея Республикасы ҳәм Орайлық Азия аймақлараралық бирге ислесиў форумы» өткерилмекте. Форум шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыў бағдарында Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген […]
Алдын хабар бергенимиздей “Жипек-жолы” мәҳәллесинде халыққа хызмет көрсетиў орыны «Ош маркази»ның ашылыў мәресими болып өтти. Илажға аймақ турғынлары ҳәм кең жәмийетшилик қатнасты ҳәм жас үлкен нураныйлер «Ош марказы»ның лентасын кести. Жас исбилермен Алишер Муминов усы аӯқатланыӯ орнын ашыў менен жумыссыз 5 жастыӊ бәнтлигин тәмийинлеӯге еристи.
2024-жылдың январь-сентябрь айларында Шымбай районында тийкарғы капиталға киритилген инвеститциялардың улыӯма көлеми миллий валютада 271,8 млрд суӯмды ямаса 2023-жылдың сәйкес дәӯирине салыстырғанда өсим пәти 114,5 % ти қурады.
Мәмлекетимиз демократиялық принциплерге тийкарланып жәмийет қурыӯ жолынан барар екен,бунда нызам үстинлиги,инсан қәдири ҳәм оның мәплерин қорғаӯ жоқары қәдирият дәрежесине көтерилген.Мәмлекетимизде мүрәжатлар менен ислесиӯ бәрқулла итибардағы мәселелерден бири болып есапланады.Сонлықтан бүгин район ҳәкими А.Тажетдиновтың жеке қабыллаӯы болып өтти. Қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен тийкарынан социаллық, материаллық ҳәм медициналық жәрдемлер, бәнтлигин тәмийинлеў, билимлендириў, исбилерменлик искерлигиндеги ушырасып атырған машқалалар, […]
Бүгин Қарақалпақстан көркем өнер сарайында «Медицина хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, тараў пидайыларын бүгинги байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады. Атап өтилгениндей, соңғы жылларда Президентимиз тәрепинен тараўға байланыслы бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Заманагөй медициналық мәкемелер қурылды, тараўдың материаллық-техникалық базасы беккемленип, […]
Районымыздағы пайызлы орынлардың биринде ден саўлық сақшыларының кәсиплик байрамы кең түрде белгиленди. Байрам салтанатына район ҳәкими А.Тажетдинов қатнасып, пидайы шыпакерлерди кәсиплик байрамы менен қутлықлап, оларға алдағы ийгиликли жумысларында тасқын табыслар тиледи. Илаж даўамында Медицина тараўында табыслы хызмет етип атырған бир қатар шыпакерлерге «Ҳүрмет жарлық»лар ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Экономика тармақларында жоқары өсим көрсеткишлерин тәмийинлеў. 2025-2029 жылларда санаатты раўажландырыў бағдарында. 2025-2029 жылларда санаатта 1756,2 млрд. сўм (107,8%), аўыл хожылығында 2583,3 млрд. сўм (103,4%), хызметлер тараўында 1316,4 млрд. сўм (113,5%) ҳǝм де қурылыс тараўында 331,8 млрд. сўмга (105,2%) жеткериў; ϴнимлер ҳǝм хызметлер базарын тең салмақлылығын сақлаў арқалы жыллық инфлиация дǝрежесин 9,5 пайыздан 7,9 пайызға кемейтиў. […]
Сессияға депутатлар, жәмийетшилик ўәкиллери, райондағы мәкеме басшылары район белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарларын дизимге алыў ҳаққында. Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң Регламенти ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы Нызамын тасыйықлаў ҳаққында. Шымбай районы ҳәкимин тайынлаў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң бийлигине тийкар районлық кеңес депутатлары […]
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң биринши сессиясы басланды Сессияға депутатлар, жәмийетшилик ўәкиллери, министрлик, мәкеме басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнаспақта. Атап өтилгениндей, 30-октябрь күни жәрияланған Жоқарғы Кеңесине сайлаў нәтийжелерине бола, депутатлар қурамы 63 процентке жаңаланды. Күн тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги сиясий партиялардың фракцияларын дизимге алыў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар […]