Усы жылдың 31-октябрь күни Нөкис қаласындағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасындағы туңғыш жоқары оқыў орны Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 90 жыллығына арналған «Қарақалпақстандағы биринши илим-билим дәргайына 90 жыл!» атамасындағы республикалық конференция ҳәм концерт бағдарламасы болып өтти. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, […]
Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў жолындағы қарар ҳәм пәрманлары тийкарында аграр тараўға бир қанша жаңа техника ҳәм технологиялардың енгизилиўи нәтийжесинде тараў жаңа раўажланыў басқышына көтерилмекте. Шымбай районында шөлкемлестирилген семинарда, аўыл хожалығын буннан былай да раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған усы реформалардың мазмун-мәниси атап өтилди. Семинарға, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы […]