Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 5-октябрдеги «Санлы Өзбекстан – 2030» стратегиясын тастыйықлаў ҳәмде оны нәтийжели әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПФ-6079-сан Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Минстрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-ноябрдеги «Өзбекстан Республикасы телекоммуникация инфраструктурасын жәнеде раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы 699-сан қарары қабыл етилген. Усы Қарар менен аймақларда шийше талшықлы байланыс линияларын, сондай ақ кеӊ полосалы жалғаныў тармағын […]