Қантлы диабет – бүгинги жәмийеттеги ең кең тарқалған созылмалы кеселликлердиң бири. Қантлы диабет ағзадағы инсулин гармонының жетерли емеслиги яки оның дурыс жумыс ислемеўинен келип шығады. Бул қан қурамындағы қант мөлшериниң турақлы түрде көбейиўине алып келеди. Қантлы диабеттиң түрлери: 1-типдеги қантлы диабет – иммун системасы инсулин ислеп шығарыўшы клеткаларға хүжим етип, оларды жоқ етеди. Нәтижеде организмде инсулин ислеп […]