Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пуқаралардың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында еле де шешимин күтип турған мәселелерди анықлаў ҳәм машқалаларға шешим табыў бойынша Шымбай районындағы көше бийлери, нураный-аксақаллар ҳәм белсендилер менен ушырасты. Онда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы сонғы жыллары ҳүрметли Президентимиз басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳаққында […]