Усы жылдың 31-октябрь күни Нөкис қаласындағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасындағы туңғыш жоқары оқыў орны Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 90 жыллығына арналған «Қарақалпақстандағы биринши илим-билим дәргайына 90 жыл!» атамасындағы республикалық конференция ҳәм концерт бағдарламасы болып өтти. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, […]
Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў жолындағы қарар ҳәм пәрманлары тийкарында аграр тараўға бир қанша жаңа техника ҳәм технологиялардың енгизилиўи нәтийжесинде тараў жаңа раўажланыў басқышына көтерилмекте. Шымбай районында шөлкемлестирилген семинарда, аўыл хожалығын буннан былай да раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған усы реформалардың мазмун-мәниси атап өтилди. Семинарға, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы […]
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 21-ноябрдеги ПҚ-4024-сан қарарына муўапық юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң почта байланысы, телекоммуникациялар ҳәмде электрон мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў мәселелери бойынша мүрәжетлерин нызам ҳүжжетлери тийкарында көрип шығыў, Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў инспекциясының (“Ўзкомназорат” инспекциясы) тийкарғы ўазыйпаларының бири етип белгиленген. “Халық мәмлекетлик органға емес, ал мәмлекетлик орган халыққа хызмет көрсетиўи керек” деген баслама тийкарында […]
Шымбай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм сектор баслықлары тийисли тараӯ басшылары ҳәм журналист ҳәм блогерлердиң қатнасыӯында Шымбай районында кәмбағаллықтан исбилерменликке қарай принципи тийкарында жумысларды шөлкемлестириӯ аӯыр шараяттағы шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыӯ бойынша ашық сәӯбет болып өтти. Ашық сәӯбет даӯамында Шымбай районы салық инспекциясы баслығы А.Сеитов баянат жасады.Оннан соң Шымбай районы Кәмбағаллықты қысқартырыӯ ҳәм […]
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 5-октябрдеги «Санлы Өзбекстан – 2030» стратегиясын тастыйықлаў ҳәмде оны нәтийжели әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПФ-6079-сан Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Минстрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-ноябрдеги «Өзбекстан Республикасы телекоммуникация инфраструктурасын жәнеде раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы 699-сан қарары қабыл етилген. Усы Қарар менен аймақларда шийше талшықлы байланыс линияларын, сондай ақ кеӊ полосалы жалғаныў тармағын […]
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында исбилерменлик жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша исбилерменлер менен ушырасыў болып өтти. Онда инвестициялық жойбарларды иске түсириў, локализацияластырыў бағдарламасына киргизилген ҳәм экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта […]
1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң вертуал ҳәм Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2024-жыл 9 айы даўамында әмелге асырған жумылар ҳаққында. 2. Шымбай районы Әдиллик бөлими тәрепинен 2024-жылдың 9 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында. 3. Шымбай районы ҳәкиминиң орынбасары – шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығының 2024-жыл 9 айы даўамында әмелге асырылған жумыслар есабаты ҳаққында. 4. Шымбай районы Ишки […]
Қәдирли дослар! Ең дәслеп, бәршеңизди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан бүгинги 21-октябрь – Өзбек тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз. Бәршеңизге мәлим, инсан ушын киндик қаны тамған Ўатаны, дүняға келтирип, камалға келтирген ата-анасы қаншелли әзиз ҳәм ҳүрметли болса, оның өзлигин ҳәм руўхый дүнясын белгилейтуғын ана тили де соншелли […]
Шымбай районы «Көкши-қала» аўыл пуқаралар жыйыны биринши сектор аймағына қараслы болып есапланады.Бүгин район ҳәкими усы аймақтағы халық пенен ушырасып олардың усыныслары мүрәжатлары менен танысты. Қабыллаў даўамында коммуналық хызмет бойынша ҳәмде жол машқаласы бойынша бәнтлик мәселелери бойынша мүрәжатлар үйренилди. Мүрәжатлар басым көпшилиги орынында унамлы шешим тапты.Ал мүддет күтилетуғын мүрәжатлар бойынша тараў басшыларына тапсырмалар берилип […]
Бүгин Тахтакөпир районындағы Қаратерең көли бойында жаңадан қурылған, ҳеш жерде уқсасы жоқ миллий колориттеги «Қаратерең» этно-туристлик комплексиниң салтанатлы ашылыў мәресими өткерилди. Онда сырт елдеги ўатанласларымыз ҳәм қоңсылас ўәлаятлардан келген мийманлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Дәслеп, комплексте қурылған амфитеатрда Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының симфониялық оркестри тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды. Буннан соң Қарақалпақстан […]