Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен елимиздиң раўажланыўы, ғәрезсизлигимизди еле де беккемлеў, наўқыран ҳәм билимли жас әўладты тәрбиялаў жолында жемисли мийнет етип атырған бир қатар ўатанласларымызды сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Ата – бабаларымыз көп нәрсени әрман етип, ойлаған ойларына жетисиӯди нийет етип өткен. Мине бүгинги халкымыз тәрепинен көп нәрселер ойлап табылып, ис жүзинде әмелге асып атыр. Районымыздағы «Тағжап» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағында исбилермен Кабилов Қуӯандық тәрепинен ыссыхана шөлкемлестирилип бул жерде қыяр жетистирип базарларымызды қыяр өними менен тәмийинлеп келмекте.Районымыздан тысқары Тахтакөпир, Қараөзек районлары базарларында да […]
Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында бүгинги күнде мәҳәллелерди ҳәр тәреплеме жақсылаў бағдарында сондай-ақ, гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумыслары бойынша да бир қатар нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Солар қатары районлық электр тармақлары кәрханасы тәрепинен де унамлы жумыслар исленбекте. -Бизиң кәрханамыз тәрепинен «Көкши қала», «Көнши», «Темир жол гүзары», «Қаракөл», «Оржап», «Дослық», «Кеңес», «Қызылөзек» аймақларында жәми 14.2 км электр […]
Грипп тийкарынан ҳаўа тамшы жолы менен жуғады ҳәм иммунитети төмен, созылмалы кеселликлер менен кеселленген, кексе жастағы, ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм балаларда аўыррақ кешиўи гүзетиледи. Егер кеселликтиң дәслепки белгилери сезилсе дәрҳал шыпакерге мүрәжәт етип, өз ўақтында емленсе аўыр асқыныўлардың алды алынады. Грипп пенен кеселленгенде өз ўақтында емленбеў яки кеселликти аяқта өткериў аўыр ақибетлерге алып келиўи мүмкин. Кеселликтен […]
Сессияға Халық депутатлары Шымбай районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, пуқаралар жыйынлары жуўаплы хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессия күн тәртибинде: 1. Шымбай районы бюджетиниң 2024-жыл II шерегинде белгиленген дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги ҳәм оның жумсалыўы ҳаққында. 2. 2024-жыл 2-мәўсиминде «Ашық бюджет» мәлимлеме порталына жайластырылған ҳәм жеңимпаз деп табылған усынысларға […]
Бүгин район ҳәкими А.Тажетдиновтың жеке қабыллаӯы болып өтти. Қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен тийкарынан социаллық, материаллық ҳәм медициналық жәрдемлер, бәнтлигин тәмийинлеў, билимлендириў, исбилерменлик искерлигиндеги ушырасып атырған машқалалар, газ, электр энергиясы, ишимлик суўы ҳәм ишки жоллар бойынша мүрәжатлар билдирилди. Көпшилик мүражатлар район ҳәкими тәрепинен сол ӯақыттың өзинде унамлы шешим тапты.
Нызамшылыққа муўапық, мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына кириўде ең жоқары балл топлаған 200 жаслар ушын Президент гранты енгизилген. (https://lex.uz/docs/5493939) Бунда грантта жеңимпаз болған студентлерге Президент мәмлекетлик стипендиясы тайынланады ҳәм төленеди. (https://lex.uz/docs/5493939)
Президентимиздиң 2024-жыл 30-апрельдеги «2024-жылы ипотека кредитлерин ажыратыў механизмлерин жетилистириў ҳәм халықтың турақ жай шараятларын жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманына бола, турақ жай ушын субсидияларға арзалар бериў 23-сентябрь күнинен басланады. Ипотека кредитлери бойынша субсидиялар төлеўдиң тастыйықланған мақсетли параметрлери шеңберинде арзалар қабыл етиўдиң екинши басқышы усы жылдың 23-сентябрь күни саат 09:00 де басланады. Сондай-ақ, социаллық критерияларға муўапық, […]
Нызамшылыққа муўапық, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар мәмлекетлик бақшалар ҳәм мектеплерге нәўбетке қойылмастан жайластырылады. ✅Оларға техникум, колледж, академиялық лицей яки ЖООда оқып атырғанда ҳәр оқыў жылында 1 мәрте оқыў, илимий ҳәм көркем әдебиятлар (китаплар) сатып алыў ушын БЕМның 5 есеси (1 млн 700 мың сум) муғдарында субсидия бериледи. ✅Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан […]
Мәмлектлик медицина қамсызландырыў механизмлерин елимизде енгизиў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2024 жыл 5 сентябрдеги «Мәмлектлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша ис-илажлар ҳаққындағы» ПҚ-311-санлы Қарары қабыл етилди. Бунда Мәмлектлик медицина қамсызландырыў шеңберинде бийпул медициналық хызметлер ҳәм дәри-дармақлар мәмлекет бюджетине төленетуғын салықлар есабынан әмелге асырылады, халықтан қамсызландырыў ушын қосымша төлем өндирилмейди. Сондай-ақ, мәмлекет бюджети қаржылары есабынан қапланатуғын […]