2024 – жылдың январь – июль айларында Шымбай районында экспорт көлеми 6060,9 мың АҚШ долларын яғный 2023-жылдың сәйкес дәӯирине салыстырғанда 154,6 % ти қурады ҳәм импорт көлеми 1658,8 мын АҚШ долларын 2023-жылдың сәйкес дәӯирине салыстырғанда 32,7 % ти қурады.
2024 – жылдың 1 – август жағдайына Шымбай районында ҳәрекеттеги киши бизнес субъектлери саны 892 ни қурады. Бул көрсеткиш 2023 – жылдың сәйкес дәўирине салыстырылғанда 101,9 % көбейгенлигин көриўимиз мүмкин.
Ҳүрметли Президентимиздиң «Исбилерменлер күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы Пәрманына тийкар бир топар Ўатанласларымыз Мәмлекетлик сыйлықларға мүнәсип деп табылған еди. Олар арасынан Қарақалпақстан Республикасынан 2 исбилермен де сыйлықланды. Сондай-ақ, Президентимиздиң «Фаол тадбиркор» көкирек белгиси менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы Бийлигине тийкар және 6 исбилерменимиз «Фаол тадбиркор» көкирек белгиси менен сыйлықланды. Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы […]