2024-жылдың январь-июнь айларында Шымбай районында 77 млрд.суӯмлық қурылыс жумыслары орынланып, өсиў пәти 2023-жылдың январь-июнь айларына салыстырғанда 120,4 % қурады.
2024-жыл январь-июнь жағдайына, Шымбай районы бойынша аӯыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы өнимлери көлеми 446,7 млрд. суӯмды қурады. Өткен жылдың сәйкес дәӯирине салыстырғанда 102,4 % ти қурады. Соннан: Ири шақлы қара маллар- 85063 бас Сыйырлар- 20430 бас Қой хәм ешкилер- 66273 бас Атлар- 2519 бас Қуслар- 294373 ти қурады.