Бүгинги күнде мәмлекетимизде инсан ҳуқықларын қорғаў системасын «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында жаңа басқышқа кѳтериў, суд ҳәм ҳуқықты қорғаў уйымлар искерлигинде шахстың ҳуқық ҳәм ерикинликлерин қорғаў кепилликлерин күшейттириў, сондай-ақ, халықтың ҳуқықты қорғаў системасына болған исенимин беккемлеўге қаратылған кең кѳлемли ислер жүритилмекте. Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2024 йил 10 июнь күнги «Оператив-қыдырыў ҳәмде тергеў […]
Алдын хабар бергенимиздей Шымбай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими тәрепинен “ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН МЕКТЕП БОСАҒАСЫНАН БАСЛАНАДЫ” ураны астында билимлендириў тараўы хызметкерлериниң районлық “III Устазлар миллий форумы” болып өтти. Форумда Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдинов, районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслығы Г.Айтмуратова ҳәмде нураный устазлар қатнасты. Сондай-ақ Г.Айтмуратова баянат жасап жаңа […]
Бүгин район ҳәкими А.Тажетдиновтың жеке қабыллаӯы болып өтти. Қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен тийкарынан социаллық, материаллық ҳәм медициналық жәрдемлер, бәнтлигин тәмийинлеў, билимлендириў, исбилерменлик искерлигиндеги ушырасып атырған машқалалар, газ, электр энергиясы, ишимлик суўы ҳәм ишки жоллар бойынша мүрәжатлар билдирилди. Көпшилик мүражатлар район ҳәкими тәрепинен сол ӯақыттың өзинде унамлы шешим тапты. Әлбетте, пуқаралар машқалаларын шешиў жолындағы бундай қабыллаўлар […]
Бүгин Ѳзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы алдынан Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдиновтың тиккелей басламасы менен жаңадан ашылған, пайызлы орынлардың биринде яғный «Grand Hall» тойханасында 19 жас шаңарақтың неке тойлары өткерип берилди. Тойға район ҳәкими А.Тажетдинов, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети районлық бѳлими баслығы, сектор басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Салтанатлы кешени район ҳәкими А.Тажетдинов ашып […]
Жәмийетимизде жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў оларды кәсип-өнерге оқытыў баслы ўазыйпа есапланады. Бүгинги күнде «Кеңес» аўыл пуқаралар жыйынында 1249 хожалық болып, оларда 7434 пуқаралар жасайды. Аймақта жумысссыз пуқараларды кәсип-өнерге бағдарлап бәнтлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылған. Аўыл пуқаралар жыйыны аймағында усы жыл басынан 149 пуқара турақлы, мәўсимлик ҳәм жәмийетлик жумыслар менен бәнтлиги тәмийинлениўге ерисилди ҳәм 78 […]
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен районымызда ҳәр бир аймақта бир қатар имаратлардың ашылыӯ мәресимлери болып өтпекте.Атап айтқанда «Тазғара» аӯыл пуқаралар жыйыны имаратының бүгин байрам қарсаңында салтанатлы ашылыӯ мәресими болып өтти.Ашылыӯ мәресимине район ҳәкими А.Тажетдинов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының маслаҳатшысы М. Бабаниязов,Өзбекстан мәҳәллелер аӯқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Турмановлар қатнасты.Дәслеп имараттың алдына […]
2024-жылдың январь-июль айларында район аймағында көрсетилген хызметлер көлеми 278,4 млрд.суӯмды қурады. Өсиў пәти өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 110,4% қурады.
Усы жылдың январь – июль айында район аймағында усақлап сатыў саўда товар айланысы 320,2 млрд.суӯмды қурады ҳәм 2023-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 110,8 % өскен.
Сессияға Халық депутатлары Шымбай районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, пуқаралар жыйынлары жуўаплы хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессия күн тәртибинде: 1. Халық депутатлары Шымбай ранлық Кеңеси депутатлығына сайлаў өткизиўши участка сайлаў комиссиялары ағзалығына талабанларды усыныс етиў ҳаққында. 2. Халық депутатлары жергиликли Кеңеслер тəрепинен депутатларды қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыў бойынша тийисли […]
Шымбай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм сектор баслықлары тийисли тараӯ басшылары ҳәм журналист ҳәм блогерлердиң қатнасыӯында Шымбай районында такирарий егин егиӯди жақсы шөлкемлестириӯ бойынша ашық сәӯбет болып өтти. Фермер хожалықлары баслықлары өзлериниң имканиятларынан келип шыққан ҳалда такирарий егин егиӯди жақы жолға қойыӯ ҳәм тийкарғысы жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын асырып ҳәм […]