2024-жылдың январь-июнь айларында район аймағында көрсетилген хызметлер көлеми 235,9 млрд.суӯмды қурады. Өсиў пәти өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 110,3% қурады.
Усы жылдың январь-июнь айында район аймағында усақлап сатыў саўда товар айланысы 276,8 млрд.суӯмды қурады ҳәм 2023-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 108,2 % өскен.
2024 – жылдың январь-июнь айларында Шымбай районында 226,3 млрд.суӯмлық санаат өнимлери ислеп шығарылды ҳәм соның менен бирге өсиў пәти өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 110,2 % қурады.
Шымбай районы статистика бөлими мағлыўматына көре, 2024- жылдың 1-июль жағдайына Шымбай районының демографиялық көрсеткишлери: Халық саны – 116041 адам; Ҳаяллар саны – 57140 адам Еркеклер саны – 58901 адам Қалалық жерлерде – 59500 адам Аўыллық жерлерде – 56541 адам.