Шымбай районы «Қызыл-ɵзек» аŷыл пуқаралар жыйыны аймағындағы, фермер хожалылықлары бийдай жетистириŷде тәжирийбели хожалықлар есапланады.Ҳәр жылы бийдайдан мол ɵним жетистирип келмекте. Быйылғы жылы да бул аймақ фермерлери белсендилик көрсетип киятыр.Район бойынша жәми бүгинги күн жағдайына көре 60 фермер хожалықлары бийдай тапсырып мәмлекетлик шәртнаманы артығы менен орынлады. Солардың ишинде 25 Қызыл – өзек фермер хожалықлары есапланады.
Бүгинги күнде районымыздағы нураныйлер турмысы ҳаққында материалларды нәзериңизге усынып бармақтамыз.Себеби ҳәр үйдиң периштеси аталар – апаларда еситпеген ҳикметли сөзлеримиз көп. Ҳәр сапары ҳәр бир нураныйдың турмыс тәжирийбеси өзгеше бир тарийх ҳәм сабақ. Ал бүгинги қаҳарманымыз «Жипек-жолы» мәҳәллесинде жасаӯшы Тазагүл апа Сапарбаева жетпис алты жаста аймақтағы үлгили нураный апа, бес перзентти камалға келтирип өмирлик жолдасы қайтыс […]
Жорабеков Ислам Қазақбаевич Шымбай районы ҳәкимлиги шөлкемлестириў-кадрлар топары басшысы лаўазымына тайынланды. Жорабеков Ислам усы күнге шекем Шымбай районы ҳәкимлиги Канцелярия бөлими баслығы лаўазымында ислеп келди.
2024-жылдың январь-май айларында Шымбай районында 172,7 млрд суӯмлық санаат өнимлери ислеп шығарылды ҳәм соның менен бирге өсиў пәти өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 109,8 % қурады