Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында республикамыздағы мектеплерде барлық пәнлерден айрықша баҳаларда оқып, жуўмақлаўшы имтиханларды табыслы тапсырған питкериўши жасларымызға алтын ҳәм гүмис медальларын тапсырыўға арналған салтанатлы илаж өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық питкериўши жасларды қолға киргизген табыслары менен қутлықлады.
2024-жылдың январь-май айларында Шымбай районында 77 млрд суӯмлық қурылыс жумыслары орынланып, өсиў пәти 2023-жылдың январь-май айларына салыстырғанда 130,8 % қурады.
Усы жылдың январь-май айында район аймағында усақлап сатыў саўда товар айланысы 231,3 млрд суӯмды қурады ҳәм 2023-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 108,7 % өскен.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл мийнет стажына ийе болған ҳаял-қызларды мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етиў тәртибин тастыйықлаў ҳаққында”ғы 2022-жыл 9-июнь күнги 322-санлы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасындағы 5 жыл мийнет стажына ийе бирақ, жоқары мағлыўматқа ийе болмаған 319 ҳаял-қызларға ЖООна кириў ушын усыныс хаты берилди.