2024 – жылдың январь – апрель айларында Шымбай районында қурылыс жумыслары көлеми 66,5 млрд суӯмды ямаса 2023 – жылдың сол дәӯирине салыстырғанда 124,7 % ти қурады.
Өмирде жасаӯдан мақсет – инсанда қызығыӯшылық болыӯы керек. Усы қызығыӯшылық арқасында изленемиз ҳәм ҳәрекет етемиз. Усындай өмирге талпынып, заӯықланып, жасайтуғын заманласымыз ҳаққында сөз етемиз. Районымызда «Тазғара» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаӯшы бағман ҳәм дийқан Ахмет аға Сметов алпыс бес жаста. Бирақ оның жаслық жигериндеги күш-ғайраты қайтпаған, себеби, ол, ҳәр күни атызында. Бағында тыным билмей жумыс […]