Шымбай районы «Қызыл-ɵзек» аŷыл пуқаралар жыйыны аймағындағы, фермер хожалылықлары бийдай жетистириŷде тәжирийбели хожалықлар есапланады.Ҳәр жылы бийдайдан мол ɵним жетистирип келмекте. Быйылғы жылы да бул аймақ фермерлери белсендилик көрсетип киятыр.Район бойынша жәми бүгинги күн жағдайына көре 60 фермер хожалықлары бийдай тапсырып мәмлекетлик шәртнаманы артығы менен орынлады. Солардың ишинде 25 Қызыл – өзек фермер хожалықлары есапланады.
Бүгинги күнде районымыздағы нураныйлер турмысы ҳаққында материалларды нәзериңизге усынып бармақтамыз.Себеби ҳәр үйдиң периштеси аталар – апаларда еситпеген ҳикметли сөзлеримиз көп. Ҳәр сапары ҳәр бир нураныйдың турмыс тәжирийбеси өзгеше бир тарийх ҳәм сабақ. Ал бүгинги қаҳарманымыз «Жипек-жолы» мәҳәллесинде жасаӯшы Тазагүл апа Сапарбаева жетпис алты жаста аймақтағы үлгили нураный апа, бес перзентти камалға келтирип өмирлик жолдасы қайтыс […]
Жорабеков Ислам Қазақбаевич Шымбай районы ҳәкимлиги шөлкемлестириў-кадрлар топары басшысы лаўазымына тайынланды. Жорабеков Ислам усы күнге шекем Шымбай районы ҳәкимлиги Канцелярия бөлими баслығы лаўазымында ислеп келди.
2024-жылдың январь-май айларында Шымбай районында 172,7 млрд суӯмлық санаат өнимлери ислеп шығарылды ҳәм соның менен бирге өсиў пәти өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 109,8 % қурады
2024-жылдың январь-май айларында район аймағында көрсетилген хызметлер көлеми 181 млрд.суӯмды қурады. Өсиў пәти өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 108,9% ке жетти.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 22 – февраль күнги «Улыўма орта билимлендириў мәкемелери ҳәм академиялық лицейлер питкериўшилерин хошаметлеўди және де жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 154-санлы қарарына тийкар, Шымбай районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң қәбилетли питкериўшилерине алтын ҳәм гүмис медаллары салтанатлы түрде тапсырылды. Шымбай районында оқыӯ жылын 21 мектеп […]
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында республикамыздағы мектеплерде барлық пәнлерден айрықша баҳаларда оқып, жуўмақлаўшы имтиханларды табыслы тапсырған питкериўши жасларымызға алтын ҳәм гүмис медальларын тапсырыўға арналған салтанатлы илаж өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық питкериўши жасларды қолға киргизген табыслары менен қутлықлады.
2024-жылдың январь-май айларында Шымбай районында 77 млрд суӯмлық қурылыс жумыслары орынланып, өсиў пәти 2023-жылдың январь-май айларына салыстырғанда 130,8 % қурады.
Усы жылдың январь-май айында район аймағында усақлап сатыў саўда товар айланысы 231,3 млрд суӯмды қурады ҳәм 2023-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 108,7 % өскен.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл мийнет стажына ийе болған ҳаял-қызларды мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етиў тәртибин тастыйықлаў ҳаққында”ғы 2022-жыл 9-июнь күнги 322-санлы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасындағы 5 жыл мийнет стажына ийе бирақ, жоқары мағлыўматқа ийе болмаған 319 ҳаял-қызларға ЖООна кириў ушын усыныс хаты берилди.