Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде өткерилген соңғы қоңыраў илажында қатнасты. Илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы мектеп питкериўшилерин шын кеўилден қутлықлап, Президентимиздиң мектеплерди питкериўши ул-қызларға жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди. Жоқарғы Кеңес Баслығы үлгили, белсенди оқыўшыларға ҳәм оларды камалға келтирип, тәрбиялаған ата-аналарына, оларға билим берген муғаллимлерге миннетдаршылық билдирди. Ибрайым Юсупов […]