Бизге мәлим, жаңадан кабыл етилген Өзбекстан Республикасы Конституциясының 47-статьясында ҳәр ким үй-жайлы болыў ҳуқықына ийе екенлиги, сондай-ақ, ҳеш ким судтың қарарысыз ҳәмде нызамға қайшы түрде үй-жайдан айрылыўы мүмкин емеслиги, үй-жайынан айрылған мүлкдар үй-жайдың баҳасы ҳәмде ол көрген зыянның орны нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте алдыннан ҳәмде тең баҳада қапланыўы тәмийинленеди деп белгилеп қойылды. Сондай-ақ, […]
Соңғы жылларда жер менен байланслы мүнәсийбетлерди нәтийжели тәртипке салыў, жерлерди қорғаўды жетилистириў, жер участкаларына байланыслы даўлардың алдын алыў, бунда пуқара ҳәм юридик шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўды жәнеде жетилистириўге байланыслы болға әҳмийетли нызам асты ҳүжжетлери қабыл етилди. Буған Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 8-июнь күнги “Жер мүнәсийбетлеринде теңлиқ ҳәм әшкаралықты тәмийинлеў, жерге болған ҳуқықларды исенимли […]
Ɵзбекстан бүгин ɵзиниң раўажланыўының жаңа басқышына қəдем қоймақта. Пуқаралардың ең əҳмийетли арзыў-үмитлери ҳəм мақсетлери тийкарғы нызам Конституцияда толық ɵз сəўлесин табады. Өзбекстан Республикасында Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларының үстинлиги сөзсиз тән алынады. Өзбекстан Республикасының Конституциясы мәмлекеттиң пүткил аймағында жоқары юридикалық күшке ийе, туўрыдан-туўры әмел етеди ҳәм бирден-бир ҳуқықый түп тийкарын қурайды. Конституцияның 30-статьясында, ҳеш ким […]
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Әдил судлаўға ерисиўдиң имканиятларын жәнеде кеңейтириў ҳәм судлар искерлиги нәтийжелилигин асырыў бойынша қосымша иләжлар ҳаққында»ғы Парманында ҳалықтың әдил судлаўға ерисиў имкәниятларын жәнеде кеңейтириў суд ҳуқық системасын реформалашды тезлестириўды, тараўға раўажланған халықаралық стандартларды енгизиўды талап етип атырғанлығы, сол себепли 2022-2026 жылларға мөршерленген Жана Озбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген ўәзыйпаларға муўапық, басқа бир қанша мақсет […]
Салық ҳәкимшилигин жәнеде жетилистириў ҳәм салық нызамшылығын бузғанлық ушын жуўапкершиликти либералластырыў арқалы исбилерменлик орталығын жақсылаў, сондай-ақ, исбилерменлердиң машқала ҳәм усынысларын туўрыдан-туўры үйрениў ҳәмде исбилерменликти келешекте раўажландырыўдың тийкарғы жөнелислерин белгилеп алыў бойынша 2021-жыл 20-август күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық сәўбети шеңберинде белгиленген ўазыйпалар орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Салық миннетлемелерин орынлаўда исбилерменлик […]