Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў жолындағы қарар ҳәм пәрманлары тийкарында аграр тараўға бир қанша жаңа техника ҳәм технологиялардың енгизилиўи нәтийжесинде тараў жаңа раўажланыў басқышына көтерилмекте. Шымбай районында шөлкемлестирилген семинарда, аўыл хожалығын буннан былай да раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған усы реформалардың мазмун-мәниси атап өтилди. Семинарға, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы […]
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында исбилерменлик жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша исбилерменлер менен ушырасыў болып өтти. Онда инвестициялық жойбарларды иске түсириў, локализацияластырыў бағдарламасына киргизилген ҳәм экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта […]
Қәдирли дослар! Ең дәслеп, бәршеңизди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан бүгинги 21-октябрь – Өзбек тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз. Бәршеңизге мәлим, инсан ушын киндик қаны тамған Ўатаны, дүняға келтирип, камалға келтирген ата-анасы қаншелли әзиз ҳәм ҳүрметли болса, оның өзлигин ҳәм руўхый дүнясын белгилейтуғын ана тили де соншелли […]
Бүгин Тахтакөпир районындағы Қаратерең көли бойында жаңадан қурылған, ҳеш жерде уқсасы жоқ миллий колориттеги «Қаратерең» этно-туристлик комплексиниң салтанатлы ашылыў мәресими өткерилди. Онда сырт елдеги ўатанласларымыз ҳәм қоңсылас ўәлаятлардан келген мийманлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Дәслеп, комплексте қурылған амфитеатрда Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының симфониялық оркестри тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды. Буннан соң Қарақалпақстан […]
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың мирәт етиўине бола 10-11-октябрь күнлери әмелий сапар менен Ашхабад қаласында болды. Мәмлекетимиз басшысы 11-октябрь күни түркмен шайыры ҳәм ойшылы Мақтымқулы Пырағый туўылғанының 300 жыллығына бағышланған «Заман ҳәм цивилизациялардың өз-ара байланыслылығы – тынышлық ҳәм раўажланыў тийкары» темасындағы форумда қатнасты. Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың басшылығында өткен илажда Россия […]
Бүгин Нөкис қаласындағы IT-парк имакратында Қытай мәмлекетиниң «One Cloud China Tech» IT компаниясының ашылыў мәресими болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа компанияның ашылыўы менен жыйналғанларды қутлықлады. Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында барлық тараўларды санластырыўға ҳәм бул жумысларға жасларды кеңнен тартыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда […]
Шымбай районында жасаӯшы кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы туӯма жүрек нуқсанлы кеселлиги болған балаларды анықлаӯда ҳәмде оларға жәрдем берип, саламат өмирге қайтарыӯда заманагөй медициналық технологияларда операция ислетиӯде зәрүрликлер болғанлығы себепли тикиллей район ҳәкими А.Тажетдинов басламасы менен бүгин Шымбай медицина бирлеспесинде медициналық көрик шөлкемлестирилди. Қарақалпақстан медицина институты клиникасында Шымбай районында туӯма нуқсаны менен туӯылған балаларға кең […]
«Ozoda» өними Бердақ мәҳәллесинде ислеп шығарылмақта Ертеңги күнимиз бүгинги ҳәрекетлеримиз нәтийжеси менен баҳаланады. Сондай-ақ алға умтылған ҳәр бир инсанның ҳәрекетинен биз соны аңлаймыз, олар жаңадан- жаңа ой пикирлерге уйғынласқан жаңалық жарата алады. Жаратыўшылықтың тәрептары болып жаңа идеялары менен ҳәммени тән қалдыратуғын заманласларымыз ҳақыйқатында да бүгин көпшиликти қурайды. Усындай заманласымыздың бири “Бердақ” мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Дәрябай Нурымбетов. Ол […]
Қарақалпақстан медицина институты аймағында халқымыз мийрасларының кем ушырасатуғын тарийхый объекти болған Қарақалпақстанның дәслепки жоқары оқыў орны – Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының биринши имараты жайласқан. Бул имарат қарақалпақ халқының илим ҳәм билимлендириў тымсалы ҳәм бесиги есапланады. Бул жерде өткен әсирдиң пүткил илимий элитасы, Қарақалпақстан Республикасының ири илимпазлары, белгили шахслары, академиклери ҳәм жазыўшылары, атап айтқанда, […]
Қантлы диабет – бүгинги жәмийеттеги ең кең тарқалған созылмалы кеселликлердиң бири. Қантлы диабет ағзадағы инсулин гармонының жетерли емеслиги яки оның дурыс жумыс ислемеўинен келип шығады. Бул қан қурамындағы қант мөлшериниң турақлы түрде көбейиўине алып келеди. Қантлы диабеттиң түрлери: 1-типдеги қантлы диабет – иммун системасы инсулин ислеп шығарыўшы клеткаларға хүжим етип, оларды жоқ етеди. Нәтижеде организмде инсулин ислеп […]