Азанғы саат 10:00 де басланған қабыллаў түнги саат 23:00 ге шекем яғный, 13 саат даўам етти. Бүгин Нөкис қаласындағы Жаслар орайы имаратында Нөкис қаласы пуқаралары ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары У.Мухаммадиев қатнасты. Болып өткен қабыллаўда Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қабыллаўына жазылған […]
Усы жылдың 18-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз отыз жетинши сессиясы болып өтти. Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты. Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды. Усы жылдың 18-октябрь […]
Шымбай районы аймағында өткерилген көшпели қабыллаўда Шымбай районы «Тазғара» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Ш.Бекниязова мүрәжат етип,өз мүрәжатында 2007-жыл туўылған қыз пепрзентлериниң туўылғанлық ҳаққында гүўалықларын шаңарақ жағдайларына байланыслы усы күнге шекем рәсмийлестире алмағанлығы ҳаққында мүрәжат еткен еди. Шымбай районы ҳәкимлигиниң балаларды қорғаў мәселелери бойынша секторы ҳәм ПҲАЖ бөлими менен биргеликте мүрәжат белгиленген тәртипте үйренип шығылып, жас […]
Ҳәзирги күни Өзбекстан халқының саны 35 млн.нан артық болып, олар 130 дан зыят миллеткетийисли есапланады. Пуқаралардың 94% нен зыяты ислам динине сыйыныўшы пуқаралар болып, қалған 6% ин болсаазшылық болған басқа дин ўәкиллери ҳәмдеҳешбирдингесыйынбайтуғынларқурайды. Усы 130 дан зыят миллет ҳәм түрли дин ўәкиллериемин-еркинжумыс алып барып атырғаны да елимизде ҳүким сүрип атырған динийкеңпейиллиликтиң әмелийкөриниси. Бүгин мусылман әлеминде […]
Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлардың, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен қабыл етилген президиум қарарлар менен протоколлардың орынланыўын қадағалаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Аппараты Атқарыў тәртибин қадағалаў бөлими шөлкемлестирилди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Аппараты Атқарыў тәртибин қадағалаў бөлими баслығы лаўазымына Идиятуллаев Жумаддин Ешимович тайынланды.
Департаменттиӊ Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районы бѳлими тǝрепине ѳткерилген оператив илǝж даўамында Шымбай районы аймағында пуқара А.Б ѳз жасаў уйиниӊ қосымша салынған жǝрдемши ханасында нызамға қайшы турде жасырын раўиште қолдан жасалған май жуўаз цехын шѳлкемлестирип, пахта шигитинен пахта майы хǝмде кунжара ѳнимлерин ислеп шығарып атырған ўақтында иркилди. Натийжеде инсан ѳмирине қǝўипли болған шигит ѳниминен ислеп […]
Департаменттиӊ Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районы бѳлими тǝрепине Шымбай районы медицина бирлеспеси имаратына қурылыс оңлаў жумысларын әмелге асырыў ушын 2021-жылда бюджеттен ажыратылған қаржылардың мақсетли сарыпланыўы бойынша үйрениў жумыслары нәтийжесинде, Шымбай районы медицина бирлеспеси буйыртпашы ҳәм жумысты кесип алып ислеўши “A.A.Q” ЖШЖти орынлаўшы кәрхана арасында шартнама дузилген. Шартнама бойынша қурылыс жумыслары көлеми 1,384,4 млрд. сум болып дузилген. […]
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Мойнақ районының социал-экономикалық жағдайы ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болды. Мойнаққа болған сапарда Жоқарғы Кеңес Баслығы райондағы Қызыл жар аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан шарўашылық комплекси жумыслары менен жақыннан танысты. Дәслеп шарўашылық комплексине тийисли болған егислик майданларында жетистирилип атырған […]
2022-жыл 13-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының отыз екинши жалпы мәжилиси болып өтти.Болып өткен мәжлисте мақулланған Нызамлар ҳәм көрип шығылған басқа мәселелер бойынша халық арасында үгит-нәсият жумысларын алып барыӯ,Сенат ҳәм оның комитетлери қарарларында белгиленген тапсырмалардың орынланыӯын тәмийинлеӯ мақсетинде орынларда ушырасыӯлар өткериӯ белгиленген.Усыған байланыслы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы Б.Матмуратов қатнасында Шымбай районында илаж […]
Мәмлекетимизде суд системасын демократластырыў, судлар искерлиги ашықлығын тәмийинлеў ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыўда жәмәәтшилик ролин күшейтириўге қаратылған салмақлы ислер әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң бузылған ҳуқықларын қорғаўда судлардың, айнықса ҳәкимшилик судлардың ролин күшейтириў, оларды пуқара ҳәм исбилерменлердиң ҳақыйқый қорғаўшысына айландырыў зәрүр болып есапланады. Жәмийетте ҳәкимшилик судларға болған исенимди жәнеде асырыў мақсетинде […]