Белгили жасаӯ орнына ийе болмаған шахсты реабилитация орайына жайластырыӯ мәселеси қайсы судта көриледи?

Белгили жасаӯ орнына ийе болмаған шахсты реабилитация орайына жайластырыӯ мәселеси қайсы судта көриледи?

09.01.2023 12:03:06 | 238

2022-жыл 16-декабрь күни «Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиӯ ҳаққында»ғы 810-санлы Өзбекстан Республикасының Нызамы Президент тәрепинен имзаланды. Нызам менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуӯапкершилик ҳаққындағы кодекске өзгерис ҳәм қосымшалар, яғный белгили жасаӯ орнына ийе болмаған шахсты реабилитация орайына жайластырыӯ ҳаққында ис жүритиӯ тәртиби киритилди. Нызам менен Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиӯ ҳаққындағы кодекстиң белгили […]

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тақыятас районында болды

26.12.2022 09:44:02 | 212

Өткерилген мәжилисте халықтың жасаў шараятын жақсылаў, абадан турмысын тәмийинлеў, бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, соның менен бирге жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер ҳаққында сөз етилди. Анықланған кемшиликлер бойынша Тақыятас районы ҳәкиминиң Экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасары, қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары, жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый ағартыўшылық ислери […]

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қытай мәмлекетинен келген инвесторды қабыллады

22.12.2022 16:23:28 | 240

Қытай Халқ Республикасының “Korporaciya Aral Sanbao” ЖШЖ формасындағы сырт ел кәрханасы директоры Канг Литиан бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың қабыллаўында болды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты. Қабыллаўда “Korporaciya Aral Sanbao” ЖШЖ сырт ел кәрханасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасында жаңа тараўлар бойынша бирге ислесиўди жолға қойыў имканиятлары ҳаққында сөз […]

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги қырық бесинши сессиясының жуӯмағы ҳаққында

16.12.2022 12:34:04 | 359

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң 2022-жыл 25-октябрь күнги “Мәҳәллелердиң инфраструктурасын жәнеде раўажландырыў бойынша қосымша ис-иләжлары ҳаққында”ғы  408-санлы қарарында берилген тапсырма ҳәм ўазыйпалардың Шымбай районында орынланыўы ҳаққында. Район аймағындағы ҳәкимият жер қоры есабында бос турған жер майданларын фермер хожалықларын шөлкемлестириў ушын “Ашық электрон” таңлаўына шығарыў ушын жер майданларын ажыратыў ҳаққында. Шымбай районлык Әдиллик бөлиминин 2022-жыл 10 айы […]

«Аўыл хожалығы хызметкерлери күни» байрамы мүнәсибети менен байрам тамашалары өткерилди

12.12.2022 09:16:08 | 226

…Байрам қатнасыўшыларының итибары қурға қаратылды. Бас байрақ ушын ортаға Әмиўдәрья районынан Элёр Машарипов ҳәм Нөкис районынан Захриддин Заитов беллести. Бир-бирине мүнәсип палўанлар беллесиўинде Захриддин Заитов жеңиске еристи. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев палўанға бас байрақ – Президентимиздиң саўғасы Ласетти «Jentra» автомашинасын салтанатлы түрде тапсырды. Буннан кейин бир нешше салмақ категорияларында палўанлар беллесип, жеңимпазлар […]

«Жасларды шаӊарақлық турмысқа таярлаў орайы»нда алып барылып атырған жумыслар ҳаққында

30.11.2022 18:10:58 | 279

Бүгин Шымбай  районында Қарақалпақстан Республикасы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети тәрепинен шөлкемлестирилген 2022-жылдыӊ 15-ноябринен – 15-декабрь күнлери аралығында жасларды шаӊарақлық дәўирге таярлаў ҳәм миллий қәдириятларды беккемлеў бойынша үгит-нәсиятлаў айлығы жәрияланыўы мүнәсибети менен районымыздағы 40-санлы улыўма билим бериў мектеби айлық шеӊберинде акция шөлкемлестирилди. Бул илажға Шымбай районы ҳәкими орынбасары Г.Мамбетниязова, Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректорыныӊ Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша […]

Қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил сыпатында раўажланыўы

30.11.2022 16:43:48 | 214

Тил – адамлар арасында қарым-қатнас жасаўдың ең әҳмийетли қуралы. Жәмийетте тилсиз қарым-қатнас жасай алмаймыз ҳәм жәмийет ағзалары бир-бири менен пикир алыса алмайды. Усындай үлкен байлығымыз болған қарақалпақ тили Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили болып табылады. Дүнья жүзинде лингвистлердиң анықлаўынша 7000 мыңға шамалас тил бар деген пикирлер ушырасады. Усы тиллердиң бири болған қарақалпақ тили Алтай тиллери семясы, […]

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги қырық төртинши сессиясының жуӯмағы ҳаққында

29.11.2022 10:18:42 | 367

  Сессияда районлық Кеңес депутатлары район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары қатнасты. Сессияны район ҳәкими, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы А.Тажетдинов басқарып барды. Сессия күн тәртибинде – Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшлығында 2022-жыл 1-март күнги “Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийеттеги дәрежесин және де беккемлеў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында”ғы 18-санлы баянламасының […]

Медицина бирлеспесиндеги халық мүрәжати унамлы шешилди

22.11.2022 10:44:04 | 405

  Социаллық тармақларда Шымбай районы медицина бирлеспесине қараслы Көп тармақлы поликлиника филиалы бойынша видео мүрәжат жәрияланған еди. Шымбай районы ҳәкимлиги тәрепинен усы мүрәжат бойынша үйрениӯ жумыслары алып барылып, «Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты  сақлаӯ министрлигиниң 2022-жыл 25-октябрь күнги 175-санлы буйрығына  тийкар Республикада «Қызылша қызамық» кеселлигине қарсы 6-айдан 5 жасқа шекемги балалар арасында миллий шаншыў күнлери өткерилиўине байланыслы […]

Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыздың ең шетки аймағы болған Бостан елатлы пункти турғынлары менен ушырасты

17.11.2022 11:46:11 | 216

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыз халқының күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды үйрениў ҳәм оларға шешим табыў мақсетинде орынларда жеке қабыллаўларын өткерип келмекте. Соның менен бирге, алыс аймақ турғынларының да тилек-өтинишлерин тыңлаў, турмыс абаданлығын тәмийинлеў ҳәм олардың турмыслық мәселелерин шешиў бойынша да ең шетки аймақларға барып, турғынлар менен ушырасып атыр. Бүгин Қарақалпақстан Республикасы […]

Пайдалы ресурслар