БМШ Раўажланыў бағдарламасы (UNDP) Администрациясы жәрдемшиси Ивана Живкович пенен ушырасыў өткерилди

БМШ Раўажланыў бағдарламасы (UNDP) Администрациясы жәрдемшиси Ивана Живкович пенен ушырасыў өткерилди

06.04.2025 09:32:05 60 Баспаға шығарыў

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына болған айрықша итибары нәтийжесинде өткерилип атырған Арал мәденияты саммити шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев БМШ Раўажланыў бағдарламасы (UNDP) Администрациясы жәрдемшиси, БМШ Раўажланыў бағдарламасының Европа ҳәм ҒМДА бойынша регионаллық бюросының директоры Ивана Живкович пенен ушырасты.

Онда дәслеп елимизде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасы менен бирге ислесиў ҳәм халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаўға қаратылған басламаларды раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында кең түрде атап өтилди. Сондай-ақ, климат өзгериўи ақыбетлеринен қорғаў ҳәм оған қарсы гүресиў мәселелерин алға қойыўда глобал жетекши болған Европа аўқамы менен бирге ислесиўди еле де жетилистириў бағдарындағы әмелий илажлар оғада әҳмийетли екенлиги айрықша тилге алынды. Өткерилген ушырасыў даўамында мәмлекетимиз, соның ишинде Қарақалпақстан ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасы арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери, атап айтқанда, Қарақалпақстан ҳәм Аралбойы регионын турақлы раўажландырыў бойынша кең түрде пикирлесилди.

Пайдалы ресурслар