Нөкис экомектеби оқыўшылары Айдос Қытайбеков ҳәм Назокат Қалназарова абырайлы халықаралық ЖООға қабыл етилди

Нөкис экомектеби оқыўшылары Айдос Қытайбеков ҳәм Назокат Қалназарова абырайлы халықаралық ЖООға қабыл етилди

03.04.2025 16:58:12 46 Баспаға шығарыў

Айдос Қытайбеков «Браун» Университетинде билим алады. Бул билимлендириў мәкемеси – Американың 8 ең ески университетлерин өз ишине алған дүньядағы ең белгили университетлер бирлеспеси болған Печаклар Лигасы ағзасы болып есапланады. Айдос тийкарғы қәнигеликлер сыпатында: Қоршаған орталық ҳаққындағы илим ҳәм Инженерлик («Environmental Science & Engineering») ти таңлады.

Назокат Қалназарова «Amherst College»ге оқыўға кирди, еки қәнигелик: Политология (Сиясаттаныў) ҳәм Экологиялық изертлеўлер («Political Science & Environmental Studies») қәнигеликлерин ийелеўди режелестирмекте.

«Eco-Schools Uzbekistan» жойбарында қатнасыў ҳәм Арал теңизиниң қурып барыўының қайғылы ақыбетлерин сезинип, Қарақалпақстанда жасаў, мениң таңлаўымда үлкен рол ойнады,» дейди ол.

 

Пайдалы ресурслар