ИСБИЛЕРМЕНЛЕР ҲӘМ ФЕРМЕРЛЕР ДЫҚҚАТЫНА!

ИСБИЛЕРМЕНЛЕР ҲӘМ ФЕРМЕРЛЕР ДЫҚҚАТЫНА!

06.03.2025 10:29:31 16 Баспаға шығарыў

Усы жылдың 22-25-март күнлери аралығында Қазақстан Республикасының Манғыстау областы Ақтаў қаласында “Made in Uzbekistan” миллий саўда-ярмаркасы болып өтетуғынлығын хабарлаймыз!

Саўда-ярмаркасына Нөкис қаласы ҳәм районларда жумыс алып барыўшы барлық исбилерменлер ҳәм фермерлер өзлери жетистирген азық-аўқат өнимлери, сондай-ақ, кәрханаларында ислеп шығарылған ѳнимлери менен белсене қатнасыўы мүмкин.

Ең әҳмийетлиси, илажда қатнасыўшы исбилерменлер ҳәм фермерлер жолаўшы ҳәм жүк тасыўшы транспортлар менен бийпул тәмийинленеди.

♻️ Елимиз исбилерменлери ҳәм фермерлери өз өнимлерин жыл даўамында Ақтаў қаласындағы барлық шәраятларға ийе Саўда үйинде жайласқан павильонда тиккелей сатыўы ушын имкәният жаратылған.

Саўда-ярмаркасына қатнасыўды қәлеўшилер төмендеги телефонларға қоңыраў етип байланысыўын сораймыз:

☎️ +998 (97) 984-77-70
☎️ +998 (90) 727-39-75

 

 

Пайдалы ресурслар