Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Аӯыл хожалығында жерден пайдаланыў натийжелилигин асырыў ҳəм өним жетистириў көлемин көбейтиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-131-санлы қарары қабыл етилди.
Усы қарар менен, барлық түрдеги аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди ижараға бериўде 2025 жыл 11 марттан енгизилген тəртипке муўапық:
– электрон онлайн ауктцион саўдасын өткериў ҳаққындағы хабарнаманы жəриялаў мүддети 15 күннен 5 кунге, қайта саўдалар болса
5 күннен 1 күнга қысқартырылады;
– қайта саўдаларда тек ғана бир дана талабаннан арза келип түскен жағдайда, оған бул саўдада дағаза етилген баҳада лотты сатып алыў усыныс етиледи;
– ҳəр қайта саўдада лот баҳасы 10 проценттен басқышпа-басқыш басланғыш баҳаның 20 процентине түскенге шекем пәсейтириледи.
2025 жыл 1 апрелден баслап барлық аймақларда аўыл хожалығына мөлшерленген барлық түрдеги жерлерди ижараға бериў бойынша өткерилетуғын электрон онлайн ауктцион саўдаларында жер участкасына ижара ҳуқықын алыў ушын төлемлерди бөлып-бөлып төлеў ҳəм төлем толық төленгенде шегирме бериў тəртиби бийкар етиледи ҳәм бул төлемлер
15 жумыс күни ишинде толық төлениӯи шəртлиги белгиленген.
2025-2026 жылларда Қарақалпақстан Республикасы ҳəм ўәлаятлар аймағы шеңберинде электрон онлайн ауктцион саўдаларына шиғарылатуғын аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер жəми майданының орташа 10 – 20 проценти шарӯа ушын азықлық егинлерин егиў шəрти менен саўдаға шығарылады.
«Электрон онлайн-аукционларды
шөлкемлестириў» АЖ Қарақалпақстан
Республикасы аймақлық ўәкили. Р.Есимбетов