Кувейтте қылышпазлық бойынша жаслар арасында Азия чемпионаты өз жуўмағына жетти. Жарыстың соңғы күнинде болып өткен командалық беллесиўлерде шпага ҳәм сабля бағдарларында қызларымыз алтын медалларға ийе болды.
Шпагашыларымыз Азиза Ҳамидова, Дилназ Мурзатаева, Санам Назарова ҳәм де Бибимарям Сапарова жарыс даўамында Иордания, Сингапур, Қытай Тайпейи ҳәм финалда Японияны жеңилиске ушыратты. Сабляшыларымыз Гулистан Пердебаева, Фернанда Еррера, Самира Шокирова ҳәм Аякөз Жумамуратовадан ибарат квартетимиз болса Сингапур, Корея Республикасы ҳәм Гонконгтан үстем болды.
Усы тәризде, жарыста 5 алтын ҳәм 1 қола медалларын топлаған жасларымыз улыўма командалық есапта биринши орынды ийеледи.