ЮНЕСКОның Париждеги бас резиденциясында Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм ЮНЕСКО арасындағы келисимге қол қойылыўына бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти. Самарқанд енди рәсмий түрде Бас конференцияның 43-сессиясы өткерилетуғын орын сыпатында белгиленди

02.04.2025 17:34:32 55 Баспаға шығарыў

ЮНЕСКОның Париждеги бас резиденциясында Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм ЮНЕСКО арасындағы келисимге қол қойылыўына бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти. Самарқанд енди рәсмий түрде Бас конференцияның 43-сессиясы өткерилетуғын орын сыпатында белгиленди.

Бул биз ушын үлкен мақтаныш ҳәм жуўапкершилик болып есапланады, өйткени соңғы 40 жыл даўамында бул конференция Парижден басқа жерде өткерилмеген.

Бул дөретиўшилик индустрияның машақатлы мийнети, халық дипломатиясы ҳәм жоқары дәрежедеги келисимлердиң нәтийжеси болып есапланады. Бул – дүнья жәмийетшилигиниң елимиздиң ашық-айдынлығы, өзине тән дәстүрлери ҳәм мәдений мийрасы, бай тарийхы, музыкасы, әдебиятына үлкен қызығыўшылық пенен қарап атырғанынан дерек береди.

Биз мәденият ҳәм көркем өнер жәрдеминде мәмлекетимизди халықаралық майданда үгит-нәсиятламақтамыз, дүнья халқына және де жақынластырмақтамыз. Бул байланыслар тиккелей экономикалық нәтийжелерге байланысып, қоспа жойбарлар ҳәм улыўма идеяларға айланбақта.

Пайдалы ресурслар