Районда социаллық-экономикалық раӯажландырыӯ, инвеститция ҳәм исбилерменликти жәнеде раӯажландырыӯ бойынша ашық сәӯбет болып өтти.
Шымбай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм тийисли тараӯ басшылары ҳәм журналист ҳәм блогерлердиң қатнасыӯында Шымбай районында социаллық-экономикалық раӯажландырыӯ, инвеститция ҳәм исбилерменликти жәнеде раӯажландырыӯ бойынша ашық сәӯбет болып өтти.
Ашық сәӯбет даӯамында район көлеминде тийкары мәселе Өткен жылы 23-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги ис-иләжлар ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди.
Қарар шеңберинде 2024/2025-жылларда жедел комплекс раўажландырыў режелестирилген районлар қатарына Қарақалпақстанның Шымбай районыда киргизилген.Атап айтқанда Шымбай районында әмелге асыратуғын жумыслар ҳаққында район ҳәкими айтып өтти.Районды жедел раӯажландырыӯ бағдарламалары тийкарында әмелге асырылатуғын тийкарғмы мәселерге тоқтап өтилди.Ашық сәӯбет өз-ара пикир алысыӯлар ҳәм сораӯ-жуӯаплар менен даӯам етти.