Шымбай районы районы «Тазғара» аӯыл пуқаралар жыйынында районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў мәселелери,сондай- ақ “Қыйтақ жер мәденияты, қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм дәрамат табыў” атамасында семинар болып өтти.
Онда Республика исши топар ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аппарат баслығы Ж.Идеятуллаев, ҳәмде «O‘zsanoatqurilishbank» ATB баслығының орынбасары Ш.Яқуповлар қатнасты. Семинарда Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жаратылған имканиятлар бир қанша усы мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланып, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, пуқаралардың өзин-өзи бәнт етиўине көмеклесиў, үй шараятында ҳәм қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланып дәрамат алыў, бунда мәҳәлле жетилиги системасы имканиятларынан кең түрде пайдаланыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер атап өтилди.Сондай-ақ, улыўма миллий жойбары шеңберинде «Тазғара» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан таңлап алынған майданға терек нәллерин егиў жумыслары әмелге асырылды.
Оннан соң усы аймақтағы Миллий байрамымыз «Наӯрыз» байрамына қатнасты ҳәм өнерментлер жумысы менен танысты. Күн даӯамында «Тағжап» АПЖ Бийбайша фермер хожалығына қарасы 1-гектарлық ыссыханада енди егилип атырған палыз өнимлерин ерте жетистириў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳәмде «Көкши-қала» МПЖ аймағында «Zantex» қоспа кәрханасында алып барылып атырған жумыслар менен танысты.