«Жасыл – мәкан»ды  бирге қурамыз

«Жасыл – мәкан»ды  бирге қурамыз

11.03.2025 09:44:17 54 Баспаға шығарыў

Бәҳәр мәӯсими кирип келгенине де он күн болды күн жылып  баслады. Усыған тийкар бүгин район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аппарат баслығы Ж.Идеятуллаевлар басшылығында районда ɵткерилип атырған тазалық ҳәм абаданластырыў илажын нәтийжели шɵлкемлестириў бойынша  штаб мәжилиси ɵткерилди.
Бүгин районда ɵткерилип атырған тазалық ҳәм абаданластырыў илажын нәтийжели шɵлкемлестириў бойынша  штаб ағзалары жыйналып ҳәр бир мәҳәллени, ҳәр бир аймақты, кɵше бойларын абаданластырыў ҳәм тәртипке келтириў бойынша жуўапкерлер  тийисли тапсырмалары берилди аймақлар бөлистирилди.

Бәрше белгиленген орынларға барып абаданластырыӯ жумысларын аўызбиршилик пенен  баслап жиберди.

Жасап турған үйимиз, көшемиз, мәҳәллемиз, районымыз таза ҳәм абадан болса қандай жақсы.

 

Пайдалы ресурслар