Быйыл уллы шайыр бабамыз Бердақ Ғарғабай улының туўылғанлығына 193 толды. Усы мүнәсибет пенен Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Шымбай районлық бөлими қәнигелери белсенди оқыўшы жаслар менен биргеликте районымыз аймағындағы «Мәнаўият мәсканы»нда жайласқан Бердақ ҳәм Күнхожа шайыр бабаларымыздың мақбаралары зиярат етилди. Сондай-ақ, музейде орын алған уллы бабаларымыздың өмири ҳәм дөретиўшилигине тийисли болған экспонатлар ҳақкында оқыўшы жасларға мағлыўматлар берилди. Оқыўшы жаслар өз нәўбетинде шайырдың дөретиўшилигинен үзиндилер келтирип өтти.
Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Шымбай районлық бөлими тәрепинен белсенди жасларға китаплар саўға етилди.