Бүгин Шымбай районы 40-санлы улыӯма билим бериӯ мектебинде район ҳәкиминиң орынбасары Г.Мамбетниязова, Миллий гвардия Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Шымбай районы балалар менен ислесиӯ бөлими инспектор психологлары ҳәм Медицина бирлеспеси хызметкерлери, сондай-ақ, үгит-нәсиятлаӯ топары баслығы менен биргеликте жоқары класс оқыӯшылары арасында
«Ерте туӯыӯшылықтың алдын алыӯ, оқыӯшылардың сабаққа қатнасы, жәмийетимизде ҳәр қандай радикалласыўға, жасларымыздың санасына кери тәсир етиўши идеялар менен зәҳәрлениўине қарсы гүресиӯ» бойынша ушырасыӯ өткерилди.
Ушырасыӯ даӯамында оқыӯшы жасларға бул бағдарда кең түрде түсиниклер берилди ҳәм оқыӯшылар өзлерине қызықтырған сораӯларға жуӯаплар алды.