Шымбай районында Медицина бирлеспесинде халыққа хызмет көрсетиӯ сапасы ҳәм бүгинги күнде алып барылып атырған жумысларға арналған ашық сәўбет ҳәм медиа-тур болып өтти.
Шымбай районы медицина бирлеспеси мәжилислер залында шыпакерлер Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети баслығы Н.Толыбаева журналист ҳәм блогерлердиң қатнасыўында Медицина бирлеспесинде халыққа хызмет көрсетиӯ сапасы ҳәм бүгинги күнде алып барылып атырған жумыслар бойынша ашық сәўбет болып өтти.Оннан соң пресс-тур шөлкемлестирилип пресс-турға район ҳәкиминиң орынбасары Г.Мәмбетниязова қатнасты.