Шымбай районында қыс мәўсиминде айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша район аймағында шөлкемлестирилген арнаўлы штаб ағзалары ҳәм тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте азанғы тарқатыў илажы болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлими баслығы, Республика исши топар ағзасы Б.Матмуратов сөзге шығып, гүз-қыс мәўсимин шығынсыз өткериў, көп қабатлы турақ-жайлардағы авариялық жағдайларды оператив түрде сапластырыў ҳәм социаллық объектлерде халық ушын қолайлы шараятларды жаратыў ҳәм де пуқаралардың зәҳәрли газден зыянланыўының алдын алыў мәселелери бойынша көрсетпелер берип өтти.
Илаж даўамында исши топар ағзалары аймақларға шыққан ҳалда пуқаралар арасында гүз-қыс мәўсиминде жуз бериўи мумкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барды.